Жаңа жылды қәўипсиз ҳәм кеўилли күтип алыў ушын усыныслар
📌Аўқат таярлаў ҳәм сақлаўда гигиена қағыйдаларына әмел етиң;
📌 Аўқат таярлаўдан алдын ҳәм кейин қолларды сабын менен жуўыў
📌Шийки өнимлерди бөлеклеп сақлаң: гөш, балық ҳәм мәйек сыяқлы шийки өнимлерди таяр аўқатлардан бөлек сақлаң;
📌Тағамларды дурыс писириң, тез бузылыўшы өнимлерди жоқары температурада писириўге итибар бериң;
📌Тез бузылыўшы өнимлерди дурыс сақлаң;
📌Таярланған аўқатларды 2 саат ишинде музлатқышқа жайластырың;
📌Майанез ҳәм қаймақлы салатлар тез бузылыўы себепли оларды узақ сақламаң;
📌Жаңа ҳәм сапалы өнимлерди таңлаң;
📌Сатып алынған өнимниң ҳәмме ўақытта мүддетин тексериң;
📌Жаңа овош ҳәм мийўелерди абзал көриң;
📌Ишимликлерди дурыс таңлаң: қадақланған ишимликлерди сатып алып атырғаныңызда мүддетине итибар бериң;
📌Аўқаттан зәҳәрлениў белгилери (қусыў, температура, иш кетиў) пайда болса, тез шыпакерге мүрәжат етиң.
Шымбай районы Санитария эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бѳлими
📍
Информация бағдары @KarPressa