Фильтр публикаций


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
#Бизди_кемириўши_иллетлер

Дәбдебели той ҳәм мерекелер бизге бахыт алып келеди ме?


Каналға ағза болыў: 👇
Телеграм | Инстаграм


4-март – Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлиги шөлкемлестирилген күн.

Бүгин 4-март – Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлиги шөлкемлестирилгенлигине 29 жыллығы менен Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасын «Ziya Nurı» телеграм каналы атынан қутлықлаймыз.

Каналға ағза болыў: 👇
Телеграм | Инстаграм


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
"Быйыл бәҳәр кеш келеди деседи"

Жайы жәннеттен болсын, Ибрайым атам хәмме нәрсени айтып кеткен👏👏👏


Каналға ағза болыў: 👇
Телеграм | Инстаграм


#Дыққат_таңлаў

Ҳүрметли IT тараўына қызығыўшы жаслар. Усы жылдың 1-март сәнесинен баслап Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими тәрепинен 🛖 «Қара үйдиң ең жақсы 3D модели» атамасындағы таңлаўына старт берилди.

Таӊлаў бир басқышта тек Қарақалпақстан Республикалық басқышын өткериў белгиленген.
Бунда;
1-20-март күнлери аралығында таӊлаў қатнасыўшылары дизимге алынады;
25-31-март күнлери аралығында таӊлаў қатнасыўшыларына қара үйдиӊ 3D моделин ислеп шығыўда түсиник бериў ушын семинар өткериледи;
1-апрель ҳәм 1-ноябрь күнлери аралығында қатнасыўшылар тәрепинен исленген дөретиўшилик жумысларын қабыллап барады;
2-20-ноябрь аралығында таӊлаўды шөлкемлестириўшилер тәрепинен жеӊимпазлар анықланады.
1-декабрь күни “Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн” байрамы мүнәсибети менен шөлкемлестирилген байрамы кешесинде жеӊимпазлар мүнәсип сыйлықланады.


Таӊлаў жеӊимпазлары:

1-орынға 50 000 000 миллион,
2-орын 20 000 000 миллион,
3-орын 10 000 000 миллион,
«Төрешилер қурамыныӊ арнаўлы сыйлығы», «Таӊлаў жаӊалығы» номинациялары ҳәр бирине 1 500 000 миллион сўм менен сыйлықланады.

☎️ Мағлыўмат ушын телефонлар:
(61) 224-12-61
(97) 655-66-20
(97) 220 20 88
(93) 369 39 69

Каналға ағза болыў: 👇
Телеграм | Инстаграм


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram


#Дыққат_Дыққат_таңлаў!

Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими 8-март “Халық аралық ҳаял-қызлар” күни байрамы мүнәсибети менен анажанларды, апа-қарындасларымызды байрам менен қутлықлаў ҳәм сыйлықлаў мақсетинде “Анаға меҳрим - қосығым қатарлары” атамасында танлаў челленджине старт береди.
Танлаў ҳәм челлендж шәртлери:
Таӊлаўға 3 жастан 10 жасқа шекемги болған жас баллар ата-анасы жәрдеминде қатнасады.
Баллар аналарға арналған қосық қатарларын ядтан айтып, видороликке түсирилиўи керек.
Видеоролик сыпатлы ҳәм баланыӊ даўсы анық еситилиўи зәрүр.
Танлаў 1-мартдан 6-мартқа шекем даўам етеди.

Бунда:
1-март сәнесинен баслап, 6-март сәнеси саат 00:00 ге шекем исленген видеороликлер https://t.me/ziyanurivideoo телеграмм группасына қатнасыўшы ҳаққында толық мағлыўматлары (Ф.И.О. Тел номери, жасаў мәнзили, қатнасыўшыныӊ жасы) менен жазып, таслап барыўы шәрт.
7-март күни келип түскен барлық видеороликлер ишинен экспертлер еӊ жақсы деп табылған 9 видеороликти жеӊимпаз деп таўып, жеӊимпазлар ҳаққындағы мағлыўматлары менен бөлимниӊ рәсмий телеграмм каналы https://t.me/ziya_nuri арқалы дағазалайды.
Жеӊимпазлар ушын барлық саўғалар сол күнниӊ өзинде ийесине жеткерилип бериледи.

☎️Мағлыўмат ушын телефонлар:
(61) 224-12-61
(97) 655-66-20
(97) 220 20 88
(93) 369 39 69

Каналға ағза болыў: 👇
Телеграм | Инстаграм


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
#Премьера

🎭 Ҳүрметли театр ықласбентлери! Сизлерди Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры 1-2-3-март күнлери саат 17:00де Ажинияз Исмайловтың «ТЕРБЕНБЕС ЖҮРЕКЛЕР» спектаклиниң премьерасына мирәт етеди.

Спектаклди сахналастырған режиссер Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен артист Мархабай Үсенов, Художник Рамазан Абдикаликов.

✅ Билетлер театр кассасында сатылмақта.

Билет бахасы 40.000 мың

Байланыс ушын телефонлар:
90-594-19-98  77-022-76-76

Каналға
ағза болыў: 👇
Телеграм | Инстаграм


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
1-Ҳамал

Елимизге жаңаланыў, кеўиллерге мийрим-шәпәәт ҳәм қәдир-қымбат бағышлайтуғын бәҳәр мәўсими кирип келмекте

🎼🎤 Базаргүл Каримованың әжайып шедевр.
Бәҳәр сени сағынып келди
Сен бәҳәрди сағынбадың ба?

__________

1-март

Юртимизга янгиланиш, қалбларга меҳр-мурувват ва қадир-қиммат бағишлайдиган баҳор мавсуми кириб келмоқда.

🎼🎤Базаргўл Каримовадан ажайиб шедевр.

Баҳор сени соғиниб келди
Сен баҳорни соғинмадинг ми?


Каналға ағза болыў: 👇
Телеграм | Инстаграм


❗️ Дөретиўшилиги менен дүньяны өзгерткен алымлар:

🇮🇹 Галилео Галилей — Телескоп
🇬🇷 Архимед — Устағыш
🇬🇧 Исаак Ньютон — Есаплаў
🇩🇪 Алберт Эйнштейн — Э=мc²
🏴󠁧󠁢󠁳󠁣󠁴󠁿 🇨🇦 🇺🇸 Александр Грем Белл — Телефон
🇵🇱 🇫🇷 Мари Кюри — Радиоактивлик
🇺🇸 Томас Эдисон - Лампочка
🇬🇧 Чарлз Дарвин — Эволюция
🇳🇱 Антон ван Левенгук — Микроскоп
🇺🇸 Томас Эдисон — Фонограф
🇩🇪 Жоҳаннес Гутенберг — Типография
🇨🇦 Сер Фредерик Бантинг - Инсулин
🇸🇪 Алфред Нобел — Динамить
🇷🇺 Дмитрий Менделеев — Турақлы система
🇺🇸 Роберт Оппенгеймер - Атом бомбасы
🇬🇧 Жеймс Ватт — Пуў двигатели
🇦🇹 Зигмунд Фрейд — Психоанализ
🇩🇪 Роберт Кох — Бактериология
🇫🇷 🇵🇱 Пер ва Мари Кюри — Радиоактив элементлер
🇮🇳 А.П.Ж. Абдул Калам - Ракета технологиясы
🇬🇧 Розалинд Франклин — ДНК дүзилиси
🇺🇸 Ричард Фейнман — Квант электродинамика
🇦🇹 Грегор Мендел — Мийрас нызамлары
🇩🇪 Отто Хан - Ядро бөлиниўи
🇸🇪 Андерс Цельсий — Цельсий бойынша температура шкаласы

Каналға ағза болыў: 👇
Телеграм | Инстаграм


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
#Қарақалпақлар_тарийхы

Қарақалпақлар тарийхы бойынша карталы видео, бул контент “Тарийхқа нәзер” телеграмм каналы тәрепинен арнаўлы исленген.


Каналға ағза болыў: 👇
Телеграм | Инстаграм


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
#Билип_отырың

❓Жаўынгерлик сахналары болған компьютер ойынларының перзент тәрбиясына зыянлы тәреплери ҳаққында билесиз бе?

✅ Бир қарағанда олар әпиўайы ойын сыяқлы көрингени менен зорлық идеялары, жаўызлық кейпиятын оятыўы жүдә көп унамсыз ақыбетлерге алып келгени бойынша турмыслық мысаллар жүдә көп.

Каналға ағза болыў: 👇
Телеграм | Инстаграм


Қанлыкөлдиң жас таланты АҚШ университетиниң грантын утып алды

Қанлыкөл районы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлимине қараслы 18-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң 11-А класс оқыўшысы Парахатова Шаҳзода Парахат қызы АҚШтың абырайлы "Arizona" университети тәрепинен усынылған 7.500 долларлық грантты қолға киргизди. Усылайынша, ол мектепти питкермей турып жоқары оқыў орнына қабыл етилип, мүддетинен алдын студент болыў бахтына ийе болды.

Бул жетискенлик тек ғана Шаҳзода ушын емес, ал пүткил Қанлыкөл жаслары ушын үлкен илҳам дәреги болатуғыны гүмансыз. Оның жеңиси жасларға билим ҳәм илим менен ҳәр қандай шоққыларды ийелеў мүмкин екенлигин дәлиллеп тур.

Шаҳзаданың усы табысқа ерисиўинде оның уқыбы, мийнети ҳәм оқытыўшыларының қоллап-қуўатлаўы әҳмийетли орын тутқан. Оған келешектеги оқыўында үлкен жетискенликлер тилеймиз!


Каналға ағза болыў: 👇
Телеграм | Инстаграм


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
#Diqqat 📚

✔️“Siyosiy ma’rifat soati”

Vazirlik va idoralar, Qoraqalpog‘iston Respublikasi Jo‘qorg‘i Kengesi, viloyatlar, Toshkent shahri, shuningdek, tuman, shahar hokimliklari rahbar va mas’ul xodimlari diqqatiga!

Bugungi kunning eng muhim va dolzarb mavzulari haqida ma’lumot berib boruvchi “Siyosiy ma’rifat soati” haftaning har juma kuni Respublika Ma’naviyat va ma’rifat markazi, Prezident huzuridagi Davlat xizmatini rivojlantirish agentligi hamda O‘zbekiston Mahallalari uyushmasi tomonidan taqdim qilinadi.


▶️ Navbatdagi o‘quvni Respublika Ma’naviyat va ma’rifat markazining youtubedagi https://youtu.be/XHIMqNeW--0?si=Af6vLb-bVZvb7-Yi sahifasida tomosha qilishingiz mumkin.

@otabek_khasanov


Ҳәзирги Украинадағы қала-жер атамаларынан:

Бердянск- Берди(нияз; мурат исимли адам)
Токмак- Тоқпақ
Донецк-Дөңислик
Донбасс-Дөң басы
Долинска-Далаң(лық)
Каланчак-Келиншек
Боярка-бөрик (бас кийим)
Балта-балта
Шаргород- Шарбазар
Джанкой –жан(лық)-қой (ой)
Харьков-қар көп (жаўатуғын орын)

Кавказдағы қала-жер, суў атамаларынан:

Бакчисарай-бағ-бақша(лы)сарай
Алушта-Алыста (?)
Азов-Азаў
Кара тениз-Қарақалпақ теңизи
Балаклия-Балықлы
Бердичев-Берди(шев фамилиясынан)

Молдовадағы қала-жер атамаларынан:

Тараклия- Тарақлы (қарақалпақ руўы аты)
Баймаклия- Баймақлы (руў аты)
Шомишлия- Шөмишли (руў атамасы)
Минд(ж)ир-Мыңжыр (руў аты)
Комрат- Қоңырат (қәўим, арыс аты)
Салгута-С(Ш)алжут (руў аты)
Конгаз-Қоңыр ғаз
Хантемир- Хантемир (адам аты)

Румыниядағы қала-жер атамаларынан:

Яссы-Яссы (қала)
Бакэу-бақлаў(шы), қараўыл сөзинен
Булэу-бузаў

Жыйнаған: А. Әбдиев

Каналға ағза болыў: 👇
Телеграм | Инстаграм


#Бир_фраза_тарийхы

«Қызыл ыштан» қайдан шыққан?


Тилимизде «қызыл ыштан берер дейсең бе» деген фраза бар. Буның да келип шығыў тарийхы бар.

Кеңес Ҳүкимети жаңа дүзилип атырған Коллективлестириў дәўирлерден баслап барлық жерде, соның ишинде Қарақалпақстанның аўылларында, атызларында план орынлаў сиясаты ҳәўижге минген.

Планды орынлаў ушын жарысып ислеў керек. Жарыста озып шыққанларға сол ўақта басшылар саўға береди екен. Саўғасы сол – қызыл ыштан.

Кейиннен адамлар «планды орынласақ, қызыл ыштан бере ме екен?» деп ҳәзил-шыны аралас бир-биринен сорасар екен.

Қызыл ыштан сол гезлери қызыл империяның символы болған болса керек.


✍️ Есимқан Қанаатов


Каналға ағза болыў: 👇
Телеграм | Инстаграм


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
❗️❗️❗️Дыққат дыққат!

Әзиз Аналар ҳәм ҳүрметли хаял-қызлар ушын әжайып саўға!

8-март - Хаял-қызлар байрамы мүнәсибети менен 5-6-март күнлери Қарақалпақстан көркем өнер сарайында "Анажан" атлы концерт бағдарламасы өткериледи.

Басланыў ўақты саат 18.00

Билетлер көркем өнер сарайы кассасында сатылмақта.

Бәршени мәдений дем алыўға мирәт етемиз.

📞 +99893-360-72-27

Каналға ағза болыў: 👇
Телеграм | Инстаграм


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
#лирикалық_шегиниў

"Astana Arqau 2018" Туркый халықларының музика фестивалында Динара Нуратдинова тәрепинен атқарылған «Ғәрип ашық» дәстаны.

Каналға ағза болыў: 👇
Телеграм | Инстаграм


Тарийхтағы ең уллы 10 шахс ChatGPT талқылаўына бола:

1.Муҳаммед (с.а.в.) – Ислам дининиң тийкарын салыўшы

2. Иса пайғамбар – Христианлық дининиң тийкарын салыўшы

3. Исаак Ньютон – Заманагөй илим-пәнниң тийкарын салыўшылардан бири,

4. Альберт Эйнштейн – Салыстырмалылық теориясының авторы, заманагөй физиканың атасы.

5. Ғиясиддин Жамшид (Ал-Хоразмий) – Алгебраның тийкарын салыўшы, математикаға үлкен үлес қосқан.

6. Наполеон Бонапарт – Франция императоры, әскерий стратег ҳәм жәхән тарыйхына үлкен тәсир көрсеткен шахс.

7. Ганди (Маҳатма Ганди) – Индия ғәрезсизлик ҳәрекетиниң жетекшиси.

8. Леонардо да Винчи – Ояныў дәўириниң ең уллы уламасы, художник, алым ҳәм дөретиўши.

9. Александр Македонский – Дүньяның ең үлкен бөлимин басып алған уллы сәркарда.

10. Жорж Вашингтон – АҚШтың тийкарын салыўшы, мәмлекеттиң биринши президенти.


Каналға ағза болыў: 👇
Телеграм | Инстаграм


«Жүўери гүртик күни» кең түрде белгиленди

Соңғы жылларда 25-февраль сәнеси «Жүўери гүртик күни» сыпатында кең түрде белгилениўи дәстүрге айланып үлгерген ҳәм сәне мүнәсибети менен усы жылда да ҳәр қыйлы илажлар өткерилиўи режелестирилген.

Бүгин Нөкис қаласындағы «Қарақалпақ аўылы» әжайып этно-туристлик орнында «Жүўери гүртик күни» байрам сыпатында кең түрде белгиленди.

Толық оқыў

«Жүўери гүртик куни» кенг турда нишонланди


Сўнгги йилларда 25 февраль санаси «Жүўери гүртик куни» сифатида кенг нишонланиши анъанага айланиб улгурган ва сана муносабати билан жорий йилда ҳам турли тадбирлар ўтказилиши режалаштирилган.

Бугун Нукус шаҳридаги «Қорақалпоқ овули» ажойиб этно-туристик масканида «Жүўери гүртик куни» байрам сифатида кенг турда нишонланди.

Тўлиқ ўқиш


Каналға ағза болыў: 👇
Телеграм | Инстаграм



Показано 20 последних публикаций.