#Депутат_мәҳәлледе
❗️ ДЕПУТАТ САЙЛАЎШЫЛАРДЫҢ МАШҚАЛАЛАРЫН ҮЙРЕНДИ♻️ Аймақлардағы машқалаларды үйрениў ҳәм шешимин табыў барысында депутатлар, басланғыш партия шөлкемлери, мәҳәлле жетилиги ҳәм тийисли тараў ўәкиллери менен биргеликте "Депутат мәҳәлледе" жойбары шеңберинде ушырасыўлар ҳәм әмелий илажлар алып барылмақта.
✅ Өзбекстан ХДП Нөкис районлық кеңесиниң “Жийдели” басланғыш партия шөлкеми аймағында болып өткен әмелий илажда 2-“Жийдели” сайлаў округинен Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңеси депутаты, ӨзХДП депутатлық топары ағзасы Н.Сейтназаров тәрепинен “Дарсан” мәкан пуқаралар жыйыны турғынлары менен ушырасып, олардың машқалаларын үйренди.
📌 Атап айтқанда, "Дарсан" мәкан пуқаралар жыйыны имаратын қурып бериўди, "Алпамыс батыр" көшесине асфальт қапламасын төсеп бериў бойынша мүрәжәт етти.
✅ Бул мүрәжатлардың шешими бойынша сайлаўшыларға түсиник берилди ҳәм мәҳәлле жетилиги менен биргеликте тийисли илажлар белгилеп алынды.
Каналға ағза болыў: https://t.me/xdp_qr