Январь..
Көрдим, сен тәрепте қар жаўған қалың,
Бәлким жүрегиң де музлаған шығар
Аўырып қалмадың ба? Аман ба жаның,
Енди...
Сорағаным қолайсыз болар.
Нөкис көшелерин тоңдырар аяз,
Ресторан.
Тыңлайман, биз сүйген қосық...
Мүмкин, хәзир сениң ахўалың аўыр,
Бәлким журегиңди ийелеген бослық.
Ташкент қолай қала арзыуларыңа,
Онда сезимлерсиз жасаўың аңсат.
Ҳәм шаршап жумыстан үйге қайтыўда,
Соңгы автобусқа үлгергениң бахыт.
**
Ядыңда ма?
Маған айтып берген қосығың
Алдын,
Папаң мамаң ушын жазғанын айттың,
Сөз демей тыңладым сонда асығып,
Ҳеш нәрсе деместен изиме қайттым.
Ашықлық көринер тентеклик болып,
Сүйген унатылмас дүньяның кеми.
Толстой, Айтматов, Чеховты оқып,
"Қарақалпақ қызы"н унатар едиң...
Ышқы - жасаў екен көөөп жыл жалықпай,
Бизлер көп алжастық. Тәғдирдиң иси...
Кешир,
Сен бахтыңды излеп келген ўақытта,
Мен миллий кийимде болғаным ушын.
Сарбиназ Айтмуратова
@sen_haqqinda❄️