KRuz.uz |Рәсмий канал


Гео и язык канала: Узбекистан, Узбекский
Категория: Новости и СМИ


KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot
Реклама ушын: @Polat_Turganbaev

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Узбекистан, Узбекский
Категория
Новости и СМИ
Статистика
Фильтр публикаций


Нөкистеги бақшада жүз берген жағдай Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы тәрепинен қадағалаўға алынды

Усы жылдың 5-февраль күни социаллық тармақлар арқалы Нөкис қаласында жайласқан жеке меншик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде тәрбияшының балаларға турпайы мүнәсибетте болғанлығы ҳәм басқа да унамсыз жағдайлар сәўлеленген видеолар тарқалды.

Анықланыўынша, видеокөринисте сәўлеленген жағдай 2024-жыл ноябрь айында Нөкис қаласында жайласқан жеке меншик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң тәрбияшысы Р.Ш. ҳәм жәрдемши тәрбияшы Д.С.лар тәрепинен исленген.

Бул жағдай бойынша Нөкис қаласы прокуратурасы тәрепинен тергеўге шекем тексериў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Нәтийжесине бола, нызамлы қарар қабыл етилиўи Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы тәрепинен қадағалаўға алынған.

✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар


❗️Нөкистеги бақшада жүз берген ўақыя бойынша сорастырыў жумыслары басланды

🏣 Бүгин социаллық тармақларда жәрияланған ўақыя усы жылдың 4-ноябрь күни Нөкис қаласы, «Дослық» МПЖ аймағында жайласқан «Disney kids» жеке меншик балалар бақшасында жүз бергенлиги, видеокөринистеги жағдай ҳақыйқатында да жәрдемши тәрбияшы тәрепинен әмелге асырылғанлығы анықланды.

📑 ҚР Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги тәрепинен дүзилген жумысшы топар ўақыя орнына барып үйрениў жумысларын алып барды. Сондай-ақ, шөлкем тәрбияшылары ҳәм ата-аналар менен сәўбетлесип, болған жағдайға анықлық киргизди.

☑️ Бул жағдай бойынша анықланған мағлыўматлар ҳуқық қорғаў уйымларына усынылып, ҳәзирги ўақытта сорастырыў жумыслары басланды.

📤 Постты жақынларыңызға тарқатың.

✅ 👉
@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
❗️Балаларға күш ислеткен бақша тәрбияшысы бойынша ата-аналар прокуратураға барды

Мәлим болыўынша, видео тарқалғаннан соң ата-аналар тәрбияшыға шара көрилиўин сорап прокуратураға мүрәжат пенен барған.

✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар


❗️️Балаларға болған зорлық ушын жуўапкершилик ️бар

🔞 Бүгин Нөкисте мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде тәрбияшы(лар) балаларды сабағаны сәўлеленген видео тарқалды. Бул жағдай жәмийетшиликтиң кескин наразылығына себеп болды.

❗️Соны умытпаң, балаларға болған зорлық нызам менен жазаланады:

🔴 Жынаят кодекси 110-статьясы ("Қыйнаў"):
👶 Ержетпеген шахсқа қарата турақлы сабаў (урыў) яки руўхый азап бериў 3-5 жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

🟡 Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекс 47-статьясы:
️Тәрбияшының миннетлемесин орынламаўы жәрийма ямаса 15 суткаға шекем ҳәкимшилик қамаққа алыў менен жазаланады.

️⚠️ Балалар қорғаўсыз емес! Бундай жағдайларға көз жумбаў керек❌.

✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
❗️Нөкисте бақша тәрбияшысы балаларға физикалық күш ислетти — видео

«KRuz.uz»ға мәлим болыўынша, Нөкис қаласындағы бақша тәрбияшысы усы бақша тәрбияланыўшыларына физикалық күш ислетип келген.

«KRuz.uz» жоқарыдағы жағдай бойынша тийисли шөлкемлерден рәсмий мағлыўмат күтип қалады.

✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар


❓Айдаўшылық гүўалығын алыў ушын бийпул оқыў мүмкин бе?

Бийпул оқыў ушын мәҳелле жаслар жетекшисине мүрәжат етиўиңиз керек. Оның жәрдеминде сизиң оқыў қәрежетлериңиз мәмлекет тәрепинен қаплап бериледи.

Тап бул мақсетлерде дерлик 20 мың жаслардың оқыў курслары ушын 21 млрд сом муғдарда қаржы ажыратылған. Бул мүмкиншиликтен пайдаланыў ушын “Жаслар дәптери”не киритилген болыўыңыз зәрүр.

Мәҳәллеңиздеги жаслар жетекшиси болса сол процессте сизге жәрдем береди. Оған арза қалдырасыз, арзаңыз 5 жумыс күнинде қәўендерлик кеңеси тәрепинен көрип шығылады.

Соннан кейин, сиз оқымақшы болған курсқа БЕМның 4 есесине шекем яғный 1,5 млн сомға шекем болған қаржы өткерип бериледи.

✈️ Бул хабарды досларыңызға да жибериң.

✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар


❗️Өзбекстанда электромобильлер ушын утилизация жыйымы 78,5 млн сомға шекем асырылды

Министрлер Кабинетиниң буған тийисли қарары 2025-жыл 1-майдан баслап күшке киреди.

✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Автомобильге электрон исенимнама қалай алынады?

Жоқарыдағы видеода my.gov.uz арқалы автомобиль ушын электрон исенимнама алыў жолы көрсетилген.

✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар


⚡️Әзиз ўатанласлар!

✅ «Жыл мектеби–2024»
таңлаўы жәрияланғанынан бери көпшилик мектеплер жәмәәтлери белсенди қатнасып жоқары нәтийжени көрсетип келмекте.

🏆Көпшиликтиң сораўларына көре, таңлаўдың 3-февраль саат 15:00 жағдайына ең жоқары нәтийжени көрсетип киятырған 10 мектеп дизимин нәзериңизге усынамыз:

1. 35-санлы мектеп (Хожели) – 11260;
2. 19-санлы мектеп (Нөкис қ.) – 11157;
3. 2-санлы мектеп (Қанлыкөл) – 7060;
4. 27-санлы мектеп (Нөкис қ.) – 6378;
5. 21-санлы мектеп (Қараөзек) – 4539;
6. 4-санлы мектеп (Мойнақ) – 2717;
7. 14-санлы мектеп (Шымбай) – 2623;
8. 12-санлы мектеп (Нөкис қ.) – 2328;
9. 2-санлы мектеп (Қараөзек) – 2240;
10. 36 ИДУМ (Шымбай) – 2149;

☝️Ескертип өтемиз, таңлаўда ең көп даўыс топлаған 3 мектеп жәмәәтине қымбат баҳалы саўғалар (Компьютер, проектор ҳ.т.б.) бериледи. Таңлаў 2025-жыл 10-февралға шекем даўам етеди.

Мектепке даўыс бериў


⛔️ Қаратаў кареринен - Бестам халық жасаў пункти аралығындағы автомобиль жолы оңланады

Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў автомобиль жолының 698-716 км (Қаратаў кареринен- Бестам халық жасаў пункти) аралығында оңлаў жумыслары әмелге асырылады.

Сол мүнәсебет пенен автомобиль жолының 698-716-км аралығында жолдың шеп тәрепи жабылғанлығын ҳәм оң тәрепинен қарама-қарсы ҳәрекетлениў шөлкемлестирилди. Бул ҳаққында ҚР Автомобиль жоллары бас басқармасы мәлимлеме хызмети хабарлады.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар


❗️ ТИТУ Нөкис филиалының жумысы тоқтатылады

Президенттиң 2025-жыл 24-январьдағы ПҚ-25-санлы қарарына муўапық, Наўайы мәмлекетлик кәншилик ҳәм технологиялар университети жанындағы Нөкис кәншилик институты ҳәм Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалы тийкарында Нөкис мәмлекетлик техника университети шөлкемлестирилиўи мүнәсибети менен Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы ТИТУ Нөкис филиалының жумысы тоқтатылады.

Ҳәзирги ўақытта Нөкис мәмлекетлик техника университетин шөлкемлестириўди муўапықластырыў бойынша жумысшы топар өз жумысын алып бармақта.

Сораў ҳәм машқалалар, дебитор ҳәм кредитор қарыздарлықлар бойынша 61-222-46-12 телефон номерине байланысыў соралмақта.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар


❓Ески доллар қатнастан шығып кеттиме?

Ески доллар қатнастан шығып кеткени жоқ ҳәм бундай болыўы күтилмей атыр. Банклер ески долларды да, жаңа долларды да бирдей курста халықтан сатып алыўы шәрт.

Тек ғана банкнотаға зыян жеткен жағдайда ғана бул доллар өз қунынан төмен сатып алыныўы мүмкин.

Егер банклерде ески үлгидеги долларды қабыллаўда қыйыншылықларға дус келсеңиз, Орайлық банктиң “Исеним телефоны”на (71 200-00-44) мүрәжат етиң.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар


❗️Усы жылғы педагоглар аттестациясына дизимнен өтиў 1-мартқа шекем даўам етеди

2025-жыл январь -июнь айларында өткерилетуғын педагог кадрлар аттестациясында қатнасыў ушын дизимнен өтиў ҳәм мүрәжат жибериў 1-мартқа шекем даўам етеди.

Мүрәжатларды:
Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң веб-сайтындағы pedagog.uzedu.uz (https://pedkadr.uzedu.uz/) - платформасы арқалы (ONE ID-системасы арқалы жеке кабинетке кириледи ҳәм тийисли мағлыўматлар киритиледи;

Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы https://my.gov.uz/uz арқалы да жибериў мүмкин.

Нәўбеттеги-мәжбүрий аттестацияда қатнасыў ушын жиберилген мүрәжатлар жиберилген күннен баслап бир ай ишинде, нәўбеттен тысқары аттестацияда қатнасыў ушын жиберилген мүрәжатлар болса төлем қылынған күннен баслап бир ай мүддет ишинде үйренип шығылады.

Мүрәжаттың үйрениў нәтийжелери менен педагоглар өзлериниң ЖЕКЕ КАБИНЕТлери арқалы танысып шығыўы мүмкин.

Январь - февраль айларында мүрәжатлар қабыл етиледи;

Март - май айларында илмий тәжрийбе (тест) сынақлары өткериледи;

Июнь айында Сертификатлар тарқатылады.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар


🔥 Нөкис Президент мектебиниң оқыўшысы IELTSʼтан 8 балл алды

Нөкис қаласындағы Президент мектебиниң 10-класс оқыўшысы Меҳрибан Нуржанова IELTS имтиханынан 8 баллды қолға киргизди.

📤 Постты жақынларыңызға тарқатың.

✅ 👉 @KRuzuz Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
⁉️Жақсы жасаў ушын қанша дәрамат табыў керек?

Өзгеше ҳәм қызықлы жуўаплар менен жоқарыдағы видео арқалы танысың.

Жеке пикириңизди төмендеги комментария бөлиминде жазып қалдырың.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар


Репост из: texnomart
😎 Endi aniq ulgurasiz! Xit savdoni qarshi oling!

Faqat 3 kun! 5-fevralga qadar xarid rejalaringizga kiritishingiz shart bo'lgan texnikalar ro'yxati!

*Rasmdagi texnika xarakteristikalari sizga tanlovda yanada yordam beradi!

***

😎 Теперь точно успеете! Встречайте хит продаж!

Только 3 дня! До 5 февраля успейте купить то что уже давно планировали по выгодным ценам!

*Просматривайте характеристики на фото, они помогут вам при выборе техники!

71-209-99-44
texnomart.uz

👇Obuna bo'ling: @texnomart


❗️Көпшилик Черняевка деп билген бажыхана посты 4 айға жабылады

Чеклеў усы посттағы қурылыс ҳәм реконструкция жумыслары жуўмағына жеткериў мақсетинде әмелге асырылмақта.

"Гишткөпир" (Черняевка) шегара посты арқалы ҳәрекетленип атырған пуқаралар ҳәм транспорт қуралларының ҳәрекети 2025-жылдың 5-февральдан баслап "Наўайы" шегара бажыхана постына қаратылады.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар


Елликқаладағы 7 мәҳәлледе белгисиз мүддетке шекем «свет» өшеди

Елликқала районындағы «Сарабий» АПЖ, «Қўшқўра» МПЖ, «Барҳаёт» МПЖ, «Тўрт девор» АПЖ, «Амиробод» АПЖ, «Ихлос» МПЖ, «Дўстлик» АПЖ аймақларын электр энергиясы менен тәмийинлеў 3-февраль күни саат 09:30 дан баслап ўақытша тоқтатылады. Мәлим етилиўинше, буған үлкен габаритли жүк машинасының өтиўи себеп болмақта.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Қарақалпақ халқының «гүртик» тағамы тәбият қойнында таярланды

Жас қосықшы Султан Уснатдинов ҳәм тәжирийбели баслаўшы Ислам Сатуллаев қарақалпақ халқының миллий тағамы болған «гүртик»ти өзгеше усылда таярлады.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
👩‍💼Қарақалпақстанның шетки аўылындағы 1-класста бир оқыўшы оқыйды

Мәлим болыўынша, аўылда тек 20 шаңарақ қалған. Сонлықтан аўылдағы қазақ мектепте оқыўшы саны аз. 1-классқа тек бир оқыўшы қабылланған. Қалған классларда болса 30 оқыўшы оқыйды. Оқыўшы саны аз болыўына қарамастан, мектеп өз искерлигин даўам етпекте.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар

Показано 20 последних публикаций.