«Аўыл хожалығы хызметкерлери күни» байрамы мүнәсибети менен байрам тамашалары өткерилдиПрезидентимиздиң басламасы менен ҳәр жылы декабрь айының екинши екшембиси елимизде Аўыл хожалығы хызметкерлери күни сыпатында кең түрде белгиленип атыр. Бүгин Нөкис қаласының арқа тәрепиндеги Атшабар майданында Аўыл хожалығы хызметкерлери күнине бағышланып салтанатлы байрам тамашалары болып өтти.
Илаждың ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды Аўыл хожалығы хызметкерлери күни байрамы менен қутлықлады.
Жоқарғы Кеңес Баслығы өз сөзинде бүгинги күнде елимизде аўыл хожалығын модернизациялаў, тараўда жаңа техника ҳәм инновациялық технологияларды енгизиў, жер-суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыўды ен жайдырыў, халықты сапалы азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў, фермер ҳәм кластерлерди қоллап-қуўатлаў бойынша алып барылып атырған кең көлемли жумысларға тоқтап өтти. Сондай-ақ, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен тек ғана Қарақалпақстан ушын қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар тийкарында халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў бойынша оғада көлемли жумыслар әмелге асырылып атырғанлығына айрықша тоқталды.
Толық оқыў
—
"Қишлоқ хўжалиги ходимлари куни" муносабати билан байрам томошалари ўтказилдиПрезидентимиз ташаббуси билан ҳар йили декабрь ойининг иккинчи якшанбаси мамлакатимизда Қишлоқ хўжалиги ходимлари куни сифатида кенг нишонланмоқда. Бугун Нукус шаҳрининг шимолий қисмидаги Отчопар майдонида Қишлоқ хўжалиги ходимлари кунига бағишлаб тантанали байрам томошалари бўлиб ўтди.
Тадбирнинг очилиш маросимида Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг Раиси Аманбай Орынбаев сўзга чиқиб, йиғилганларни Қишлоқ хўжалиги ходимлари куни байрами билан табриклади.
Жўқорғи Кенгес Раиси ўз сўзида бугунги кунда мамлакатимизда қишлоқ хўжалигини модернизация қилиш, соҳага янги техника ва инновацион технологияларни жорий этиш, ер-сув ресурсларидан самарали фойдаланишни кенгайтириш, аҳолини сифатли озиқ-овқат маҳсулотлари билан таъминлаш, фермер ва кластерларни қўллаб-қувватлаш бўйича олиб борилаётган кенг кўламли ишларга тўхталиб ўтди. Шунингдек, ҳурматли Президентимиз томонидан Қорақалпоғистон учун алоҳида қабул қилинган қарор ва фармонлар асосида халқимизнинг фаровон ҳаётини таъминлаш бўйича жуда катта ишлар амалга оширилаётганига тўхталди.
Тўлиқ ўқиш
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes🌐
Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐
YouTube