🌙 Рамазан айына таярлық бойынша жыйналыс болып өтти
Бүгин, Өзбекстан мусылманлары басқармасы баслығы, муфтий Нуриддин домла Халиқназаровтың басшылығында ZOOM платформасында Қарақалпақстан Республикасы мусылманлары қазыяты қазысы, қазыят хызметкерлери, ўәлаят ҳәм Ташкент қаласы бас имамлары ҳәм де қала-районлық бас имамлары қатнасында Рамазан айына таярлық бойынша жыйналыс болып ѳтти. Онда муфтий ҳәзирет Рамазан айына жоқары шѳлкемлескенлик жағдайында ѳткериў бойынша буйрықтың ҳәр бир бәнти менен таныстырып, арнаўлы мекеме ҳәм кәрханалар менен биргеликте мешитлердиң тазалығы ҳәм пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеў ушын тийисли шараларда кѳриў бойынша тапсырмалар берди. Ол ѳз сѳзинде елимизде ҳүким сүрип турған тынышлықтың қәдирине жетиў, Журтбасшымыз басламалары менен әмелге асырылып атырған кѳплеген хайырлы ислердиң нәтийжеси бүгинги күнде кѳринип атырғаны. Сондай-ақ, диний тараўдағы жаңаланыўлар, мешитлердеги қолай шараятлар ҳаққында қосымша етти.
Соң Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов мәжилис күн тәртибинен келип шығып, Рамазан айына таярлық кѳриў, мешит әтирапларын абаданластырыўға, тазалаўға итибар бериў, мешитлерде қолай шараятлар жаратыў, пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм басқа да тараўға тийисли тапсырмалар берди.
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты
🙂🙂🙂🙂🙂🙂 🙂🙂🙂🙂🙂🙂
⬅️Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz