Муфтий ҳәзретлериниӊ орынбасарлары ҳәмде исши топар шөлкем хызметкерлери билим журты талабалары менен ушырасыӯ өткерди.
Усы жылдың 13-февраль күни Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты директоры Ж.Абдиразаков шөлкемлестирилиӯи менен илаж болып өтти. Бул илажға Өзбекстан мусылманлары басқармасы баслығы орынбасарлары З.Эшонқулов ҳәмде О.Қодиров, Өзбекстан муслыманлары басқармасының бөлим баслықлары
И.Зухриддинов ҳәмде М.Камоловлар қатнасты.
Дәслеп Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов келген мийманларды талабаларға таныстырды ҳәм кирис сөзи менен ашып берди.
Сәӯбет басында Зайниддин дамла талабалар менен кеӯилден ашық сәӯбет қылыӯды нийет қылғаны, кейинги жылларда елимиздеги жасларды қоллап қуӯатлап тәлим-тәрбиясыныӊ раӯажланыӯына үлкен итибар кеӊ имканиятлар берилип атырғаны, яғный диний тараӯ бойынша билимлендириӯ мекемелери ашылып атырғанлығы, бул мекемелерде устаз ҳәм талабаларға барлық шәрт-шараятлар жаратылғанлығы, Президентимиз тәрепинен жаратылып атырған бул имканиятлардан туӯры пайдалапып елимиздиӊ келешеги ушын оқып билим алыӯ ҳәм қәдирине жетиӯ зәрүрлигин айрықша келтирип өтти.
Нәӯбеттеги сәӯбетти О.Қодиров алып барды ҳәм өз сөзинде билим алып атырған талаба жасларымыз жақсы билим алып садақатлы пидайы хызмет етиӯ керек екенлинин билдирди. Бүгинги күнде билим алып илим менен еледе шуғылланыӯ ушын докторантура бөлимин ашыӯды режелестирип атырғанлығын айтып өтти.
Сәӯбет соӊында И.Зухриддинов бул илим дәргайындағы билим алып хызмет етип атырған инсанлар басқаларға өрнек болатығын инсанлар болып есапланатуғынлығын ескертип өтти.
Билим журты баспасөз хызмети
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🧿alberuniy.uz 🟥youtube
🌐instagram 🌐facebook
Каналға ағза болың !
✈️alberuniyuz