Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Бир китап оқыған тутқынның жаза мүддети 3 күнге қысқартылады
Жынаят кодексине китап оқыўға тартыў арқалы тутқынларды әдеп-икрамлылық жақтан түзетиў бойынша жаңа 74-1-статья киргизилмекте. Оған көре, тек ғана жаза мүддетин толық өтеўи керек болған тутқынларға қатнаслы тастыйықланған дизим бойынша 1 китап оқыған ҳәм белгиленген тәртипте имтихан тапсырған жағдайда жазасын 3 күнге қысқартыў нәзерде тутылмақта.
Сондай-ақ, Жынаят кодексиниң 73, 74-статьялары тийкарында жазаны өтеўден мүддетинен бурын шәртли азат етиў ямаса жеңилиреги менен алмастырыў мәселесин шешиў ўақтында да китап оқығанлығы есапқа алыныўы белгиленбекте.
Нызам жойбары биринши оқылыўда қабыл етилди.
@Qaraqalpaqxabar Оператив ҳәм исенимли хабарлар