Сексеўил егиў жумыслары даўам етпекте
Бүгинги күнде Арал теңизиниң қурыған түбинде дузлы шаңлар көтерилиўиниң алдын алыў ҳәм қумды услап қалыў мақсетинде шөлге шыдамлы өсимликлер егилмекте.
«Ўзбекгеофизика» АЖ «Устюрт геофизика экспедицияси» филиалф ҳәм «Яккабоғ геофизика экспедицияси» филиали жумысшылары тәрепинен Арал теңизиниң қурыған түбине 21 гектар жер майданға 7500 дана сексеўил нәли егилди.
Сексеўил нәллериниң егилиўи Аралбойы аймағы халық хожалығы объектлери, аўыл хожалығы егинлери, бағлар, саҳралар ҳәм жайлаўларды тәбияттың унамсыз тәсиринен қорғайды.
Сондай-ақ, биологиялық көп түрлиликтиң көбейиўине тәсир етеди ҳәм өнимдарлықты арттырады.
muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter