#Рәсмий мүнәсибет
Hoja_uz телеграм каналы арқалы жәрияланған мүрәжат бойынша Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги тѳмендегилерди мәлим етип билдиреди.
Ҳүрметли Президентимиздиң 2024-жыл 9-февраль күнги 66-санлы қарары менен 2024-жыл апрель айынан баслап жаңадан сатып алынатуғын "L-410" маркалы самолётлардан бир данасын Қарақалпақстан Республикасында ишки рейслер ушын дислокация қылыў, бунда «Нөкис – Мойнақ - Нөкис» авиақатнаўын жолға қойыў бойынша илажлар көриў тапсырмасы берилген еди.
Усы тапсырманың орынланыўы бойынша усы жылдың 1-апрель сәнесинен баслап Uzbekistan Airways компаниялары топарына кириўши «Silk Avia» бренди астындағы «Uzbekistan Helicopters» ЖШЖ тәрепинен «Нөкис – Мойнақ – Нөкис» жөнелиси бойынша турақлы қатнаўлар жолға қойылды.
Ҳәзирги ўақытта бул авиа рейстиң не себеп тоқтатылып турғанлығы бойынша авиакомпания менен байланысқанымызда техникалық себеплерге көре тоқтатылып турғанлығы ҳәм усы жылдың 22-23-27-декабрь күнлерине авиа қатнаўлар қайтадан жолға қойылатуғынлығын билдирди.
Қосымша мағлыўматларды авиакомпанияның ticket@silk-avia.com сайты арқалы алыўыңызға болады.
тел +998 55 501-22-12
Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги мәлимлеме хызмети