Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң гезектеги жетинши шақырық үшинши сессиясы болып өтти.
Бүгин, Нөкис районы ҳәкимлигиниӊ мәжилислер залында Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң гезектеги жетинши шақырық үшинши сессиясы болып өтти.
Сессия жумысына районлық Кеңес депутатлары ҳәм тийисли тараў басшылары, жергиликли ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Сессияны Халық депутатлары Нөкис районлық Кеӊеси баслығы З.Зайтов басқарып барды.
Сессия күн тәртибинде Өзбекстан Республикасы Президенти басшылығында 2024-жыл 7-ноябрь күнги кеңейттирилген тәризде өткерилген видеоселектор мәжилисиниң 48-санлы протоколының 14-бәнтинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Нөкис районында суў ресурсларын нәтийжели басқарыў, суўдың сарыпланыў муғдарын кемейтиў ҳәм суў тежеўши технологияларды енгизиў мәселелери ҳаққындағы режесин тастыйықлаў бойынша Нөкис районы суў жеткерип бериў хызмети мәмлекетлик мәкемеси директоры И.Тилепбеавтың мәлимлемеси тыңланды.
Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша депутатлар өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди. Соң көрилген мәселелер бойынша районлық Кеңес депутатлары тәрепинен тийисли қарарлар қабыл етилди.
✅https://t.me/Aqmangituz
🌐Website 🌐Instagram✅Facebook 📹 youtube