ГУЛБАХАР
Forward from: Билимлендириў жаңалықлары
⚡️ Рәсмий: Мектеплерде сабақларды бөлип өтиўге рухсат берилди
📑 Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 30-сентябрьдеги ПҚ-346-санлы қарарының 3-қосымшасы менен Министрлер Кабинетиниң 2005-жыл 21-декабрьдеги 275-санлы қарарының 22-бәнти төмендегише редакторланды:
📍 Бөлип оқытылатуғын пәнлер бойынша топарлардан биреўиниң оқытыўшысы ҳәр түрли себеплерге бола сабақта болмаған жағдайларда топарлар қосымша оқытылады ҳәм қосымша оқытыў ушын қосымша ҳақы төлемлери әмелге асырылмайды.
➕ Төмендеги бәнт қосылды: Бунда усы пәнлер бойынша оқытыўшылар бар болса, бөлип оқытыўға рухсат етиледи.
☑️ Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги жуўапкериниң мәлим етиўинше, орынлардағы түсинбеўшиликлердиң алдын алыў ҳәм мәселеге анықлық киргизиў мақсетинде усы абзац қосымша түрде киргизилген.
☝️ Яғный, енди анық бөлип оқытылатуғын пән муғаллимлеринен биреўиниң шериги сабақта болмаса, бирақ усы пән бойинша мектепте жетерли муғаллимлер бар болса, бундай жағдайларда сабақ басқа муғаллимлерге бириктирилип, бөлип өтилиўи мүмкин болады.
📨 Постты жақынларыңызға тарқатың.
🔹 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар