Билимлендириў жаңалықлары


Channel's geo and language: Uzbekistan, Uzbek
Category: Education


Педагоглар, студентлер, абитуриентлер ҳәм оқыўшылар ушын билимлендириў тараўына байланыслы ең соңғы жаңалықларды сәўлелендирип барамыз.
Мүрәжат: @bilimlendiriwbot
Реклама: @channeladdsbot

Related channels  |  Similar channels

Channel's geo and language
Uzbekistan, Uzbek
Category
Education
Statistics
Posts filter


📇 ️Муғаллимлердиң жумыс тәжирийбесин ен жайдырыў процеси басланды

🗓 Усы жылдың 1-март сәнесинен баслап жетилистирилген тәртип тийкарында «ommalashtirish.uz» платформасы арқалы методикалық жумысларды қабыллаў процесслери басланды.

👨‍🏫 Оқытыўшылар педагогикалық кеңестиң қарары тийкарында методикалық жумысларын «ommalashtirish.uz» платформасына жайластырыўы мүмкин.

🗃 Платформаға жайластырылған жумыслар экспертлер тәрепинен баҳаланып, районлық (қалалық), аймақлық ҳәм республикалық басқышларда ен жайдырыўға усыныс етиледи.

💰 Сондай-ақ, ен жайдырыў арқалы директор фондынан үстеме алыў ушын қосымша балларға ийе болыў мүмкин. Мысалы:

👉 Мектеп көлеминде ен жайдырыў — 7 балл;
👉 Район (қала) көлеминде ен жайдырыў — 10 балл;
👉 Қарақалпақстан Республикасы ямаса ўәлаят көлеминде ен жайдырыў — 12 балл;
👉 Республика көлеминде ен жайдырыў — 15 балл.

📤 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар


💰 Аттестация ушын төлемлерди 10-мартқа шекем әмелге асырыўға болады

📆 ️Усы жылдың январь-июнь айларында өткерилетуғын аттестацияда гезектен тыс (өз қәлеўи менен) қатнасыў ушын арза жиберген педагоглар тәрепинен төлемди әмелге асырыўға үлгермей қалыў жағдайлары болған ҳәм бул бойынша Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигине мүрәжат еткен.


📄 ️Муғаллимлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, оларға қолайлық жаратыў мақсетинде педагоглар аттестациясында қатнасыў ушын төлемди әмелге асырыў мүддети усы жылдың 10-мартына шекем создырылды.

📤 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар


❗️ Енди сертификаты жоқ абитуриентлер айырым бағдарларға ҳүжжет тапсыра алмайды

📑 2025-2026-оқыў жылындағы қабыллаўдан баслап пәнлер комплексинде шет тили биринши пән сыпатында белгиленген тәлим бағдарларына қабыллаў шет тилин билиў дәрежесин белгилейтуғын миллий ямаса халықаралық сертификат тийкарында әмелге асырылады.


☑️ Яғный, енди қайсы бағдарда шет тили биринши пән (3,1 балл) болса, сол бағдарға тек ғана сертификаты барлар ҳүжжет тапсыра алады.

📤 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар


📇 Хожелиде мектеп оқыўшысы IELTS имтиханынан 7.5 балл алды

👨‍💻 Хожели районындағы 35-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң 10-класс оқыўшысы Дәўлетяр Базарбаев инглис тилин билиў дәрежеси бойынша IELTS имтиханынан 7.5 баллды қолға киргизди.

📩 Сиз де усындай хабарларды каналымыз арқалы сәўлелендириўди қәлесеңиз @bek_ilkhomovich'қа жоллаң.

📤 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар


❗️Búginnen baslap «idea»da texnikalarǵa «BAZAR BAHASÍNDA» akciyası baslandı!

KLEO (BCD275) muzlatqıshı — 2,799,000 sumnan
FERRE gaz plitası — 1,999,000 sumnan
LORETTO 6 kg — 2,799,000 sumnan
55" Smart TV (F22) — 4,499,000 sumnan
KLEO (1108) — 799,000 sumnan

☑️ Baslanǵısh tólem — JOQ
☑️ Artıqsha procentler — JOQ
☑️ Kepiller kerek emes — JOQ

* Texnikalar sanı sheklengen hám barlıq bahalar múddetli tólemge 6 ayǵa kórsetilgen!*

Maǵlıwmat ushın:
71 230 77 99 

📍Mánzil: Nókis qalası, «Mega Nukus» sawda orayı, «Ernazar Alakóz» kóshesi, 60
📍Mánzil: Qońırat rayonı, «Mega Park», «Tólegen Aybergenov» kóshesi 1/A
📍Mánzil: Beruniy rayonı, «Shox Abbos Vali» kóshesi (Beruniy sawda orayınıń qarama-qarsı tárepi)

SHEGIRMELER | Instagram | Dúkanlarımız


❗️Медицина жоқары оқыў орынларын тамамлап атырған студентлер шыпакер болып ислеў ушын имтихан тапсырады

🏥 Усы оқыў жылынан баслап барлық мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес медицина жоқары оқыў орынларында 2 басқышлы мәмлекетлик имтиханларды өткериў системасы енгизиледи:

▪️ 1-басқышта студентлер фундаментал пәнлер бойынша жуўмақлаўшы мәмлекетлик имтиханларды;
▪️ 2-басқышта клиникалық пәнлерден имтихан тапсырады.

☑️ Дәслепки имтиханды табыслы тапсырғанларға курстан курсқа өтиўге, клиникалық билимлерге байланыслы сынақларда жақсы нәтийже көрсеткенлердиң болса әмелиятта шыпакер болып ислеўине рухсат бериледи.

📤 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар


🕐 Педагог хызметкерлер ушын жумыс ўақты неше саат етип белгиленген?

📑 Мийнет кодексиниң 184-статьясына муўапық, жумысы жоқары дәрежедеги психикалық, интеллектуаллық ҳәм нервлик зорығыў менен байланыслы болған, яғный айрықша өзгешеликке ийе болған медицина хызметкерлери, педагоглар ҳәм басқа категориядағы хызметкерлер ушын жумыс ўақтының даўамлылығы ҳәптесине көби менен 36 саат етип белгиленеди.

☑️ ️Усыған бола, барлық педагог хызметкерлер ушын ҳәптелик жумыс ўақты 36 сааттан артық болмайды, бунда нызам шығарыўшы 1 ставка ушын усы норманы белгилейди.

📤 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар


❗️Búginnen! idea'da Texnikalerge " BAZAR BAHASINDA" aksiyası basladı!

KLEO (BCD275) sovutkichi - 2,799,000 sumnan
FERRE Gaz plitasi - 1,999,000 sumnan
LORETTO 6kg - 2,799,000 sumnan
55" Smart TV (F22) - 4,499,000 sumnan
KLEO (1108) - 799,000 sumnan

☑️ Baslanǵısh tólem - JOQ
☑️ Artıqsha % ler - JOQ
☑️ Kepiller kerek emes - JOQ

* Texnikaler sanı sheklengen hám barlıq bahalar múddetli tólewge 6 ayg'a kórsetilgen!*

Maģlıwmat ushın:
71 230 77 99 

📍Mánzil: Nókis q, Mega Nukus, Ernazar Alakóz kóshesi, 60
📍Mánzil: Qońırat q, Mega Park, Tólegen Aybergenov kóshesi 1/A
📍Mánzil: Beruniy q, Shox Abbos Vali kóshesi (Beruniy Sawda orayi qarama-qarsı tárepi)

SHEGIRMELER | Instagram | Do'konlarimiz


️Енди пенсия жасындағы оқытыўшылар да мәжбүрий аттестацияға тартылады

1-сентябрьге шекем алынған категориялар өмирлик әмел етеди. Усы сәнеден кейин алынған категория сертификатлары ҳәр 5 жылда жаңаланыўы керек.

Бул ҳаққында Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министриниң орынбасары Сардор Ражабов мәлим етти.

📤 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар


Бәҳәр келди

📝 Толыбай Қабулов
🎼 Шарапатдин Пахратдинов
🎤Базаргүл Кәримова


Бәҳәр келди! Нәўбәҳәр келди,
Нурлы куяш жибитти жерди,
Қысқы тоқсан нәўбети енди,
Нәўбәҳәрдей асыға берди,
Әтшөк қуслар шақырғанында,
Сен, бәҳәрди сағынбадың ба?

Бәҳәр сени сағынып келди,
Гүлден ҳәйкел тағынып келди.

Наз уйқыдан турып тәбият,
Қуслар көкти әйледи пәрият,
Үйрек ғазлар келген көклерге,
Нәўпир суўын тастырды дәрья,
Жерлер липас жамылғанында,
Сен бәҳәрди сағынбадың ба?

Бәҳәр сени сағынып келди,
Ол ышқына табынып келди.

Қызлар тағып алтын сырғасын,
Ат көтермес назын, жылўасын,
Нәўбаҳәрге көрсетиў ушын,
Ертип шықты қурбы-қурдасын,
Олар моншақ тағынғанында,
Сен, бәҳәрди сағынбадың ба?

Бәҳәр сени сағынып келди,
Гүлден липас жамылып келди.

Бәҳәр келди бийғәрез елге,
Қуўат берди, күш берди белге,
Әбиҳаят суўы сылдырап,
Жан берди ҳәм сән берди жерге,
Той дабылы кағылғанында,
Сен, бәҳәрди сағынбадың ба?

Бәҳәр сени сағынып келди,
Ашық болып аҳ урып келди.

#

👩‍🏫
@bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы хабарлар


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
«САБАҚТАН СОҢ»

Қосық қатарлары Өзбекстанға мийнети сиңген мәденият хызметкери Мәтназар Абдулҳәким қәлемине тийисли болып, қарақалпақ тилине Аллаяр Дәрменов тәрепинен аўдарылған.

Бул қосық қатарлары ушын 2003-жылы Қарақалпақстан Республикасының Елликқала районында «Устазға ҳүрмет» естелиги орнатылған.

Сизиң нәзериңизге усынылып атырған видео Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен таярланды.

📨 Постты жақынларыңызға тарқатың.

🔹 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар



12 last posts shown.