Forward from: Қарақалпақ LIVE
Video is unavailable for watching
Show in Telegram
ЮНЕСКО Қарақалпақ мийрасы ҳаққында ҳүжжетли фильм ислеп шықты
Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен қарақалпақ миллий саз әсбабы болған қобызды ҳәм жыраўшылық өнерин ЮНЕСКОның Дүньяжүзлик мәдений мийрасы дизимине киргизиў бойынша тапсырма берилген еди.
Бүгинги күнде усы берилген тапсырманың орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелий илажлар даўам етпекте.
Атап айтқанда, әмелий жумыслар шеңберинде Қарақалпақстанның мәдений мийрасын қәстерлеў ҳәм келешек әўладлар ушын сақлап қалыў мақсетинде ЮНЕСКО халық аралық шөлкеми тәрепинен Қобыз саз әспабы ҳәмде жыраўшылық мийрасы ҳаққында ҳүжжетли фильм таярланды.
Қорқыт атадан мийрас болып, нешше әсирлер асып, талай жыраўлардың тилинде дәстанларды, толғаўларды халыққа жеткерген қобыз -қарақалпақ халқының өзине тән миллий саз әсбабы болып, оның менен байланыслы жыраўшылық өнери Қарақалпақстанның материаллық емес мәдений мийрасының ажыралмас бөлеги болып есапланады.
🌐 Қарақалпақ LIVE — ең оператив ҳәм исенимли жаңалықлар каналы!