Пуқаралары АҚШқа кириўи қадаған етилген еллердиң дизими таярланып атыр
АҚШ Президенти Дональд Трамп ҳәкимияты пуқаралары усы мәмлекетке кириўи қадаған етилетуғын мәмлекетлердиң жаңа дизимине Аўғанстанды да қосыўы мүмкин, деп хабар тарқатады «New York Times» хабардар рәсмийлерге сүйенип.
Басылымның жазыўынша бул ретки дизим Трамптың биринши мүддети дәўириндегисинен кеңирек болады.
Бир рәсмийдиң пикиринше, усынылып атырған «қызыл дизим»де тийкарынан бурынғы ҳүжжетке қосылған мәмлекетлердиң дизими жазылған: Куба, Иран, Ливия, Қубла Корея, Сомали, Судан, Сурия, Венесуэла ҳәм Яман. Басқа деректиң айтыўынша, пуқаралары АҚШқа киргизилиўи қатаң қадаған етилген топарға Аўғанстанды да қосыў усыныс етилген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги
👉 @Karlive24 — Информациялық канал