Президентимиздиӊ 30.12.2024-жылғы "Аўыл хожалығы майданларындағы қосымша имкәниятлардан пайдаланған ҳалда өним жетистириўди көбейтиўге байланыслы ис-иләжлар ҳаққында"ғы ПҚ-465-санлы қарары тийкарында атыз шетлерине, каналлар, коллектор-дренаж тармақлары әтирапындағы майданларға экспортқа қолайлы егинлерди егиў әҳмийетли ўазыйпа етип белгиленди. Оларды орынлаў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлигиниң директоры Иброҳим Генжебаевич Эргашев Хожели районына бекитилип, бүгин 11.03.2025-жыл райондағы "Саманкөл", "Қумжыққын", "Әмиўдарья" ҳәм "Күн нуры" мәҳәлле турғынлары ушын көргизбели семинар шөлкемлестирилди. Семинарға район ҳәкими Ж.Ермашев, тийисли тараўлар ҳәм аймақ турғынлары қатнасты. Сөзге шыққанлар "Бир мәҳәлле – бир өним" принципи тийкарында экспортбап аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў, сақлаў, қақлаў, ыссыханалардан нәтийжели пайдаланыў ҳәм сол арқалы халықтың дәраматларын арттырыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Бул жумысларды баслап жибериў мақсетинде бириктирилген ўәкил И.Эргашев тәрепинен аймақ турғынларына жақыннан жәрдемлер көрсетилди. Атап айтқанда, мәўсим даўамында жәми 100 мың дана шийе нәллерин жеткерип бериў режелестирилген болып, бүгинниң өзинде 10 мың түп шийе нәллери, бел, кетпен, шелек ҳәм басқада ис қураллары бийпул тарқатылды. Буннан соң нәллерди дүрыс егиў ҳәм тәрбиялаў бойынша кɵргизбели тәризде түсиндирилип, жақсы нийетлер менен нәллер жерге отырғызылды.