8-декабрь - Өзбекстан Республикасы Конституциясының қабыл етилген күни
Бүгин 2024-жыл 7-декабрь күни Хожели районы ҳәкимлигинде Өзбекстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенине 32 жыл толыўы мүнәсибети менен байрам кешеси шөлкемлестирилди. Оған район ҳәкиминиң биринши орынбасары К.Кудайбергенов, сектор басшылары, жергиликли депутатлар, мәкеме ҳәм шөлкем баслықлары қатнасты. Дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады. Буннан соң, сөзге шыққанлар Конституция инсан мәпин, оның ҳуқықлары менен еркинлигин, ар-намысы ҳәм қәдир-қымбатын тәмийинлеўши ең әҳмийетли ҳуқықый ҳүжжет екенлигин атап өтти. Бүгинги қуўанышлы сәне районлық мәденият бөлими тәрепинен таярланған йошлы концерт бағдарламалары менен даўам етти.
Каналға ағза болыў
👉@xodjeyli_rk👈