Forward from: Nukus.uz
Video is unavailable for watching
Show in Telegram
Баламның хаты
Бүгин биз жеделлик заманында жасап атырғандаймыз. Қайсы ўақыт қарамаң бир жерге асығып баратырмыз, кетип баратырмыз.
Айрым ата-аналар жумыстан шаршап келгенлигин бәнелеп, перзентлери менен сөйлесиўди умытқандай...
Перзентлерге ата-ана мийрими жетиспей атырғандай...
Мен дем алыўым керек деген себеп пенен көпшилик жағдайда айрым ата-аналар телефонда социаллық тармақлардағы видеоларды көриў менен ўақыт өткизетуғынлығын оқыўшы жаслар менен сәўбетлесиўлерде аңлап атырғандаймыз.
Қаламыздағы 16-санлы улыўма билим бериў мектеби оқытыўшылары ҳәм оқыўшалары тәрепинен гейбир сәтсиз шаңарақлардағы кемшиликлерди арамызда ушрасатуғын турмыс бетлерин өз интермедиясында сәўлелендирди.
Кишилер үлкенлерге сабақ бергенинде көзлер жерге қарап қалар екен.
Усы мектеп жәмәәти ҳәм "Қызыл қум" МПЖ бирге ислесиўинде,атап айтқанда, ата-аналар ҳәм оқыўшылар менен психологиялық семинарлар өткерилиўи нәтийжесинде аймақта өткен жылларға салыстырғанда шаңарақлардың ажрымлар санының кемейиўине ерисилген.