Л И М И Т
(Бердақ шайырға уқсатыў)
Алдыңғыдан ҳәзир жаман,
Не боп кетти мына заман,
Қыстан шықсақ есен-аман,
Бес жүз кубтан келди лимит.
Суўытып кетти үйлер, там,
Атпай кетти қурығыр таң,
Ыссы қәлер бул шийрин жан,
Бес жүз кубтан келди лимит.
Маған ҳеш гәп ошағым бар,
Отын салсам лаўлап жанар,
Әттең, жорам Алланазар,
Оған қыйын болды лимит.
Ол жорамның ошағы жоқ,
Электр қосыўға қымбат тоқ,
Бирақ өзи шустрый, шоқ,
Албыратты оны лимит.
Үйинде көп бала-шаға,
Дер: котёлды ашса аға,
Пул таўсылған жаға-жаға,
Бәле болды мына лимит.
Ашса котёл, ақшасы аз,
Күйдирип тур ток пенен газ,
Келеғойса тезирек жаз,
Қутылады сеннен лимит.
Счётчиги де турар қуўып,
Бөлмелери салқын, суўық,
Басына сондай күн туўып,
Себепшисең соған лимит.
Сол жорама болды қыйын,
Және той, мереке, жыйын,
Жыйнамады соқыр тийин,
Жеткермеди оған лимит.
Ел сайлаған депутатлар,
Халқың сорлы жылар, датлар,
Толсадағы группа, чатлар,
Өзгермеди сирә лимит.
(Бердақ шайырға уқсатыў)
Алдыңғыдан ҳәзир жаман,
Не боп кетти мына заман,
Қыстан шықсақ есен-аман,
Бес жүз кубтан келди лимит.
Суўытып кетти үйлер, там,
Атпай кетти қурығыр таң,
Ыссы қәлер бул шийрин жан,
Бес жүз кубтан келди лимит.
Маған ҳеш гәп ошағым бар,
Отын салсам лаўлап жанар,
Әттең, жорам Алланазар,
Оған қыйын болды лимит.
Ол жорамның ошағы жоқ,
Электр қосыўға қымбат тоқ,
Бирақ өзи шустрый, шоқ,
Албыратты оны лимит.
Үйинде көп бала-шаға,
Дер: котёлды ашса аға,
Пул таўсылған жаға-жаға,
Бәле болды мына лимит.
Ашса котёл, ақшасы аз,
Күйдирип тур ток пенен газ,
Келеғойса тезирек жаз,
Қутылады сеннен лимит.
Счётчиги де турар қуўып,
Бөлмелери салқын, суўық,
Басына сондай күн туўып,
Себепшисең соған лимит.
Сол жорама болды қыйын,
Және той, мереке, жыйын,
Жыйнамады соқыр тийин,
Жеткермеди оған лимит.
Ел сайлаған депутатлар,
Халқың сорлы жылар, датлар,
Толсадағы группа, чатлар,
Өзгермеди сирә лимит.