Октябрь.
****
Кулгишлериң кешегидей ядымда,
Сени таптым ең бир сада уағымда,
"Суйдим" дейип турғаның бар дауыслап,
Айлы тунде тереземниң алдында.
*
Бир сөз демей арзыуларға басладың,
Бахыт тәреп бирге қәдем тасладық,
Ядыңдама, қол усласып жургенде,
Бир басқаша еди Нөкис ақшамы...
Кунлер сууық, жерлер аппақ қар еди,
Пәк мухаббат, ийманымыз яр еди,
Фонарикли көшелерде жулдызлар,
Биз бар едик. Хәм арзыулар бар еди...
*
"Сулыуым" деп шақыр десем "яқ" дедиң,
Ашыуланып турып алдым, кетпедим.
Сонда кулдиң "сулыулар көп дуняда,
Ал, сен жалғыз еркеғана тентегим!"
"Бир кул қәне, тақатым жоқ жасыңа,
Айланғайман бәхәриңе жазыңа,
"Султаным" деп арнап айтқан сөзиңди,
Алмаспайман мың бир қыздың назына..."
****
Октябрь. Келесең-я? Куткеним?
Қәлбим еле аңламапты кеткениң,
Гузги бағда сени еслеп кулимлеп,
Бугин жалғыз гезип журер тентегиң...
Сарбиназ Айтмуратова
Октябрь.2020ж
@sen_haqqinda
****
Кулгишлериң кешегидей ядымда,
Сени таптым ең бир сада уағымда,
"Суйдим" дейип турғаның бар дауыслап,
Айлы тунде тереземниң алдында.
*
Бир сөз демей арзыуларға басладың,
Бахыт тәреп бирге қәдем тасладық,
Ядыңдама, қол усласып жургенде,
Бир басқаша еди Нөкис ақшамы...
Кунлер сууық, жерлер аппақ қар еди,
Пәк мухаббат, ийманымыз яр еди,
Фонарикли көшелерде жулдызлар,
Биз бар едик. Хәм арзыулар бар еди...
*
"Сулыуым" деп шақыр десем "яқ" дедиң,
Ашыуланып турып алдым, кетпедим.
Сонда кулдиң "сулыулар көп дуняда,
Ал, сен жалғыз еркеғана тентегим!"
"Бир кул қәне, тақатым жоқ жасыңа,
Айланғайман бәхәриңе жазыңа,
"Султаным" деп арнап айтқан сөзиңди,
Алмаспайман мың бир қыздың назына..."
****
Октябрь. Келесең-я? Куткеним?
Қәлбим еле аңламапты кеткениң,
Гузги бағда сени еслеп кулимлеп,
Бугин жалғыз гезип журер тентегиң...
Сарбиназ Айтмуратова
Октябрь.2020ж
@sen_haqqinda