Сағынбай ИБРАГИМОВ
Туп - туўры келип,
туўры қайтасаң.
Қайтатуғынлығыңа қайылшылығым жоқ.
Қутқарып қал мени
мына дийўаллардан,
Аполлинерден қутқарып қал -
тирийектен,
басқа ҳаяллардан...
Байрам ет өмиримди -
үзилгенинше үзилсин нерв тамырлары,
бир бет ақ қағаздай жайылып қалсын
гүмилжи нәрселер арамыздағы.
Сонда өмиримизде байрам болады -
мен, шикарда жүрип адасқан аңшы,
булақтың бойында ушыратып қалып,
суў ишип атырған күним қолыңнан.
Сонда өмиримиз байрам болады -
сен маған исене алған күниңде,
сен маған еркелей алған күниңде,
мен өзимди таба алған күнимде.
Мениң еле сен көрмеген
Салдамлылығым керек -
Сениң оянып киятырған
еркелегиң керек.
Январ, 1981.
Москва
Туп - туўры келип,
туўры қайтасаң.
Қайтатуғынлығыңа қайылшылығым жоқ.
Қутқарып қал мени
мына дийўаллардан,
Аполлинерден қутқарып қал -
тирийектен,
басқа ҳаяллардан...
Байрам ет өмиримди -
үзилгенинше үзилсин нерв тамырлары,
бир бет ақ қағаздай жайылып қалсын
гүмилжи нәрселер арамыздағы.
Сонда өмиримизде байрам болады -
мен, шикарда жүрип адасқан аңшы,
булақтың бойында ушыратып қалып,
суў ишип атырған күним қолыңнан.
Сонда өмиримиз байрам болады -
сен маған исене алған күниңде,
сен маған еркелей алған күниңде,
мен өзимди таба алған күнимде.
Мениң еле сен көрмеген
Салдамлылығым керек -
Сениң оянып киятырған
еркелегиң керек.
Январ, 1981.
Москва