Forward from: Әдебий БлоGнот
ӘЖАПА
Дәўлет басы дейди туңғыш қызларды,
Шерик оған шаңарақтың сырлары,
Күнлер жаймашуўақ, гәҳи ызғарлы,
Кәрўанға бас болыў қыйын, әжапа.
Меҳрибансаң базда атадан артық,
Турамыз мойныңа машқала артып,
Сен де киятырсаң нар болыыып, тартып,
Нағыз пилтабансаң, өзиң әжапа.
Жаныңды жағарсаң сиңлим, иним деп,
Ҳәр қайсысы тәшўиш артар биримлеп,
Гейде сениң жүрегиңди тилкимлеп,
Мың саўдаға салып жүрер, әжапа.
Көрпеге қарамай аяғын созар,
Өзлери өзмәмбет қатардан озар,
Айтқан ақыл жуқпас жағың да тозар,
Арбаны шүйелтпей тарттың, әжапа.
Өзиң жемегенди жегизгениң бар,
Балаң киймегенди кийгизгениң бар,
Өз үйиңнен урлап бергизгениң бар,
Меҳирдиң булағы өзиң, әжапа...
Бирин айтып, бирин айтпай күйесең,
Жигериң бар уллы күшке ийесең,
Бирде бийе, бирде нағыз түйесең,
Сүйсең жүзим, урсаң арқам, әжапа.
Сенин қәдириңди билгенлер де бар,
Кеўил сандығына түйгенлер де бар,
Өзиңди қәдирлееееп жүргенлер де бар,
Қәдир билмес, манқурт болсын, әжапа.
Гүлистан ДӘЎЛЕТОВА
http://t.me/a_blognot
Дәўлет басы дейди туңғыш қызларды,
Шерик оған шаңарақтың сырлары,
Күнлер жаймашуўақ, гәҳи ызғарлы,
Кәрўанға бас болыў қыйын, әжапа.
Меҳрибансаң базда атадан артық,
Турамыз мойныңа машқала артып,
Сен де киятырсаң нар болыыып, тартып,
Нағыз пилтабансаң, өзиң әжапа.
Жаныңды жағарсаң сиңлим, иним деп,
Ҳәр қайсысы тәшўиш артар биримлеп,
Гейде сениң жүрегиңди тилкимлеп,
Мың саўдаға салып жүрер, әжапа.
Көрпеге қарамай аяғын созар,
Өзлери өзмәмбет қатардан озар,
Айтқан ақыл жуқпас жағың да тозар,
Арбаны шүйелтпей тарттың, әжапа.
Өзиң жемегенди жегизгениң бар,
Балаң киймегенди кийгизгениң бар,
Өз үйиңнен урлап бергизгениң бар,
Меҳирдиң булағы өзиң, әжапа...
Бирин айтып, бирин айтпай күйесең,
Жигериң бар уллы күшке ийесең,
Бирде бийе, бирде нағыз түйесең,
Сүйсең жүзим, урсаң арқам, әжапа.
Сенин қәдириңди билгенлер де бар,
Кеўил сандығына түйгенлер де бар,
Өзиңди қәдирлееееп жүргенлер де бар,
Қәдир билмес, манқурт болсын, әжапа.
Гүлистан ДӘЎЛЕТОВА
http://t.me/a_blognot