#Бир_мәҳәлле_бир _өним
Қоңырат дийхан базарына гешир алыўға барсаңыз, әлбетте, Ахунбабаев аўылының геширлерин излейсиз . Солай емес пе?
Ҳақыйқатында да солай. Қоңырат районындағы "Өрнек" аўыл пуқаралар жыйыны (бурынғы Ахунбабаев) әзелден тилди үйиретуғын мазалы геширлери менен тек ғана районымызда емес, ал республикамызда да даўрығы шыққан. Буның сыры неде дейсиз бе? Буның сыры- бул геширши аўылдың атайы дийханларының тәбият қыйыншылықларына бас иймеўи, ҳәр қандай қыйын шараятта да ата- бабаларынан мийрас бул дийханшылық дәстүрин даўам етиўи.
- Геширди жетистириў, бәҳәрге шекем сақлаў өз- өзинен болмайды. Бунда бир неше адамлардың қол мийнети бар,-
дейди дийхан фермерлердиң бири Айберген Шүкириллаев
-Геширлерди қопарып болған соң оларды сортлап, ураларда, жер төлелерде сақлаймыз. Буның нәтийжесинде аўыл халқы мәўсимлик жумыс пенен бәнт болып, қаншадан- қанша шаңарақлардың қара қазаны қайнап тур. Ана- жеримизге меҳир берсек, ол бул меҳирди бир неше есе етип бизге қайтарады.
Telegram |