Бабаниязов Қыдырнияз


Channel's geo and language: Uzbekistan, Uzbek
Category: not specified


Бул жеке каналым
Каналда:
Қосықлар(текст)✍
Видеолар🎥
Аудиозаписьлер🎤
болады.
Қош келдиңлер!
Байланыс ушын: @qidirniyazbabaniyazov

Related channels  |  Similar channels

Channel's geo and language
Uzbekistan, Uzbek
Category
not specified
Statistics
Posts filter


Forward from: Jaslar isleri agentligi Qaraqalpaqstan Respublikası basqarması
Video is unavailable for watching
Show in Telegram
Uyqı yamasa uyqınıń sapası haqqında qayǵurlım maǵlıwmatqa iyesiz?

Jaslar media orayınıń xızmetkeri Qıdırniyaz Babaniyazov bul boyınsha qımbatlı maǵlıwmatlar menen bólisedi.

Bizdi sociallıq tarmaqlarda baqlap barıń:
Telegram | Instagram | YouTube | Facebook


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
ҚЫДЫРНИЯЗДЫҢ АЙБЕККЕ ЖУЎАБЫ (ЖУЎМАҚ)


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
АЙБЕКТИҢ ҚЫДЫРНИЯЗҒА ЖУЎАБЫ (ЖУЎМАҚ)


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
ҚЫДЫРНИЯЗДЫҢ АЙБЕККЕ ЖУЎАБЫ


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
АЙБЕКТИҢ ҚЫДЫРНИЯЗҒА ЖУЎАБЫ


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
ҚЫДЫРНИЯЗДЫҢ АЙБЕККЕ ЖУЎАБЫ


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
АЙБЕКТИҢ ҚЫДЫРНИЯЗҒА ЖУЎАБЫ


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
ҚЫДЫРНИЯЗДЫҢ АЙБЕККЕ ЖУЎАБЫ


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
АЙБЕКТИҢ ҚЫДЫРНИЯЗҒА ЖУЎАБЫ

Аўырса да тисим яки бул басым,
Жәбир шегип атыр мениң жамбасым,
Туўғарайық енди мына теманы,
Халық жамбаслап жатып күлип қалмасын.

Аўырғаннан бузылды ма сықылым,
Мына мениң талантыма түкириң,
Сондадағы сақал-муртым алынған,
...


ҚЫДЫРНИЯЗДЫҢ АЙБЕККЕ ЖУЎАБЫ

Не болса да жуўап берер сол жамбас,
Нағайбыл бир қәсте салса саясын,
Маңлайыңа жазылыпты нетерсең,
Жамбасыңды иним Қудай аясын.


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
АЙБЕКТИҢ ҚЫДЫРНИЯЗҒА ЖУЎАБЫ

Гриппиз деп енди жатып қалмаспан,
Жумыслар тур бийик болып бул бастан,
Врач емес мени анам емлейжақ,
Ҳәзир укол тығажағ-аў жамбастан.


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
ҚЫДЫРНИЯЗДЫҢ АЙБЕККЕ ЖУЎАБЫ

Тилди айтып тоқтатпаймыз уққанша,
Әжел келип жанымызды жыққанша,
Ол жөнине грибиң де қуп келди,
Адамлар дер: Айтысты жас шыққанша.

Түриң жигитлердей алатын кегин,
Шыпакерге көрин таўып бир ебин.
Айтысып шақ шығар деп, көзиң шықпасын,
Сениң сықылыңнан қорқайын дедим.


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
АЙБЕКТИҢ ҚЫДЫРНИЯЗҒА ЖУЎАБЫ

Әззилендик көп жерлерде солай-ақ,
Ҳақыйқатты айтыў бирақ жынаят.
Сонлықтан да биз айланып өтемиз,
Аман жүрсин, саў басымыз, қол-аяқ.

Бизнесменлер көп нәрсеге жараған,
Биреўлери тилге келип қулаған.
Өзге тилде бой тиклеген имарат,
Сыртын оқып, басым шайқап тураман.


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
ҚЫДЫРНИЯЗДЫҢ АЙБЕККЕ ЖУЎАБЫ

Оралайын өзимиздиң айтысқа,
Бурмаланып атыр тилим байғус та,
Саған сораў: ойлаўыңша тилимиз,
Әззиледи екен басқа қай туста.

Биреў айтыў шәрт емесдур адамның,
Миннетидур тилди сақлаў жәбирсиз.
Аўқат же деп айтпаса да жеп жүр-ғо,
Асқазаннан емес шығар қәдирсиз.


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
АЙБЕКТИҢ ҚЫДЫРНИЯЗҒА ЖУЎАБЫ

Ийт үрсе де булт бәри бир көшеди,
Соны ойлап мына үним өшеди.
Тил қәдирин уғалмаған көп еллер,
Булар қашан бизлик жолға көшеди.

Тилди сақлаў керек деген бабалар,
Сиз күйесиз, биз күйемиз барабар.
Бирақ, ҳәзир былғастырып базылар,
Не қыламыз, буларға қандай шара бар?


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
ҚЫДЫРНИЯЗДЫҢ АЙБЕККЕ ЖУЎАБЫ

Ким айтыпты жоқ болады деп тилди,
Пүткил миллет бул ана тил деп билди.
Қанша шайыр қосық жазып, көп шешен,
Усы тилде даў шешиўди еп билди.

Нешше әсир өтседағы арадан,
Ана тилим жоқ болмайды санадан.
Сениңмен мен болмасақ та өмирде,
Адамлар көп тилге қунтпен қараған.

958 0 0 12 26

Video is unavailable for watching
Show in Telegram
АЙБЕКТИҢ ҚЫДЫРНИЯЗҒА ЖУЎАБЫ


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
ҚЫДЫРНИЯЗДЫҢ АЙБЕККЕ ЖУЎАБЫ

Жигит едиң Айбек, өзиң ес енген,
Уртлап едиң аз-кем ақыл кесемнен,
Кир ақтардың және тырнақ астынан,
Жақсылықты көрип үйрен десем мен.

Мин ақтарсаң жақсы ислер мий сенде,
Қәте таптың тил деп жанып күйсемде.
Ойлаўыңша, ГАИ қағыйда бузбайды,
Яки молла гүнә қылмас дейсең бе?


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
АЙБЕКТИҢ ҚЫДЫРНИЯЗҒА ЖУЎАБЫ

Мин ақтарыў, аға, ырас шеберсиз,
Бирақ биз де ақ түйени көргенбиз.
«Тилди жойтпаў керек!» десип халыққа,
Бирақ, комментте «брат» деген екенсиз. 😃🤦‍♂

Айбек ҚУРБАНБАЕВ.


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
ҚЫДЫРНИЯЗДЫҢ АЙБЕККЕ ЖУЎАБЫ

Депти биреў: ақыллы едим дүньяны,
Өзгертиўге жолға шықтым төзимди.
Ал, данышпан болдым ҳәзир, дүньямес,
Өзгертиўге бел байладым өзимди.

Сен жигитсең, елдиң жүгин асынған,
Жәмийетке шын жүректен ашынған,
Ақыллы емес, болғың келсе данышпан,
Өзгеристи басла әсте шашыңнан.

Қыдырнияз БАБАНИЯЗОВ

20 last posts shown.