Кем тәмийинленген шаңарақ ағзаларына ўақтынша жумыс ислеўи ушын сырт елге шығып атырғанда 10 миллион сумға шекем микроқарыз бериледи«Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» мәлимлеме системасы арқалы кем тәмийинленген шаңарақ ағзасы сыпатында дизимге алынған ҳәм шөлкемлестирилген мийнет миграциясы жолы менен ўақтынша мийнет етиўди әмелге асырыў ушын сырт елге шығып кетип атырған шахсларға микроқарызлар бериледи.
Микроқарызлар сырт елде жумысқа жайласыўы (соның ишинде, жол ҳақыны төлеў ҳәм мийнет етиўине рухсат алыў)на байланыслы қәрежетлерди қаплаў ушын 10 миллион сумға шекемги муғдарда бир жыл мүддетке бериледи.
Микроқарыз процент ставкасының Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан артатуғын, бирақ тийкарғы ставканың 1,5 есесинен көп болмаған бөлеги компенсацияланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги➡️
@Karakalpakstan_Uz