Ҳақыйқый күн келген де шешимлер ҳәм нәтийжелер болар екен дә
Бүгин мәмлекетлик сиясат өзгерип инсанлардың дәртин, олардың машқаласын тыңлайтуғын дәўир менен ҳәмнәпес жасамақтамыз.
Бурынлары адамлар турмыслық машқаларын "үй артында киси бар" дегендей жасырып жүретуғын еди. Жасырарлығы жоқ кимге жолығарымызды билмейде жүрдик.
Буны биз тарийх сахнамызды, бурынғы дәўирлерде ямаса жақын жигирма, он бес жыллықта жергиликли ҒХҚ да бизге архив болып турған газета (подшивка) бетлерине шолыў, анализлеп қарағанымызда да ҳәкимлердиң ямаса басшылар тәрепинен халықтың мүрәжатын, халықтың арзын тыңлады деген мағлыўматларды гүзетпегенимиз бенен сөзимизди дәлийлегимиз келип тур.
Жыллар өткен сайын социаллық мәселелер саны артып бара берди.
Кимдур буны билер, яки билмес айтып қойыў, жеткериў бизиң ўазыйпамыз ҳәм керек жерин белгилеп қойғым келди.
Ҳүрметли Президентимиздиң ашықлық сиясаты, Инсан қәдири бағдарламасы менен кәмбағаллық турмыста жасап атырғанлар хатлаўлардан өткерилип, ҳәтте статистикасы менен де көрсететуғын ҳақыйқый турмысты ашып беретуғын ҳәмде машқаланың шешимин излеп, оны сапластырыў ушын системалы қәлипте жумыслар исленип атырғаны да бар гәп.
Мысалы, "дәптерлер" қәлиплестирилип, социаллық жәрдемлер көрсетилгенлигин, аймақларға ҳәким жәрдемшилер енгизилип кәмбағаллық шығарыўда "Моно орай"ларда қайта оқытылып, бәнтлигин тәмийинлениўлер саны кең қамтылып атырғанлығын ҳеш ким инкар ете алмаса керек.
Мағлыўмат ретинде, 2023-2024-жыллары қаламызда дәптерлер дизиминде турған социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлар 21000 болған болса бүгинги күнде 8008 қурап 25 % дан 10,2 % түсиўине ерисилди.
Хош дәптерлер дизиминде турғанлар қайда кетти деген сораў туўылыўы тәбийий.
Оларға субсидиялар және жеңиллетилген кредитлер есабынан бәнтлиги тәмийинленген болса айрымлары жаңадан пайда болған исбилерменлик орынларда ҳәм мәмлекетлик жумысларға орналастырыўына ерисилди.
Мәселен, қаламыздағы "Дәрбент" МПЖ да ҳәким жәрдемшиси усыныс менен өткен жылы аймақтағы жумыссыз 25 пуқараның мәмлекетлик жумысларға қамтылды.
Санлар артында мәмлекетлик системаның халықтың турмысын жақсылаўдағы нәтийжели жумысларын дәлийлеўши статистиканы көриўимиз мүмкин.
Биз бийкарға бул санларды мысал ретинде көрсетип атырғанымыз жоқ.
Қала ҳәкимлигине жолланған мүрәжат тийисли тәртипте көрип шығылып, кимгедур социаллық жәрдемлер берилиўи керек болса , әлбетте "дәптерлерге" дизимге алынып, буннан соң кәмбағаллықтан шығарыў бағдарында мәнзилли жумыслар алып барылады.
Бүгин, қала ҳәкимлигинде қала ҳәкиминиң орынбасары Ж.Өтеженов гезектеги пуқаралардың мүрәжатларын тыңлап, олардың арзаларынан келип шығып тийисли тәртипте әмелий жәрдемлер берилетуғынлығын билдирди.