Өмир – өзен
Өмир – өзен, сарқырап аққан,
Ағысы менен жарысып батқан.
Бүгин барсаң – самалдай ескен,
Ертең жоқсаң – сағымдай кеткен.
Қумға сиңген жаўындай ўақыт,
Кимге қалды мынаў бир бахыт?
Желге ушқан жапырақ уқсап,
Жоғаламыз, өшеди шырақ.
Биз кеткен менен тоқтамас өмир,
Тағы атады жаңа бир таң.
Күлер күн де, ағар булытлар,
Келмес қайта кешеги шаң.
Бирақ излер қалар ма, мүмкин,
Жыллы сөз бенен ҳадал бир күлкиң?
Жанға жайлы жақсы исиң менен,
Өмиринде қал биреўдиң!
Мираддин Мириад
@miraddinmiriad
#miriad
Өмир – өзен, сарқырап аққан,
Ағысы менен жарысып батқан.
Бүгин барсаң – самалдай ескен,
Ертең жоқсаң – сағымдай кеткен.
Қумға сиңген жаўындай ўақыт,
Кимге қалды мынаў бир бахыт?
Желге ушқан жапырақ уқсап,
Жоғаламыз, өшеди шырақ.
Биз кеткен менен тоқтамас өмир,
Тағы атады жаңа бир таң.
Күлер күн де, ағар булытлар,
Келмес қайта кешеги шаң.
Бирақ излер қалар ма, мүмкин,
Жыллы сөз бенен ҳадал бир күлкиң?
Жанға жайлы жақсы исиң менен,
Өмиринде қал биреўдиң!
Мираддин Мириад
@miraddinmiriad
#miriad