↪️Трендлер
🌐Кейинги ўақытлары трендлер әлеўметлик (социаллық) тармақларда, әсиресе, «ТикТок» пенен «Инстаграм»да, және «Телеграм»да да көбейип бармақта. Қызлар өзлериниң (селфи) камера алдында еркин көринетуғын, шашларын туўрылап, көбинесе сазлы ямаса трендли музыка айтатуғын қысқа видеоларды жазып, усы тармақлардағы жеке бетлеринде күн тарийхына жайластырып атыр. Бул формат әдетте «ҳәзирде» («в моменте») эстетикасы менен байланыслы болып, тәбийғыйлық ҳәм исенимлик тәсирин пайда етиўи мүмкин. Бундай видеолар көбинесе #grwm (get ready with me), #selfie ямаса #aesthetic сыяқлы хештеглер менен қосылады. Бул кең тенденцияның бир бөлеги болып, бунда айрықша итибар жеке өзгешелик пенен эстетикаға қаратылады.
💬Төменде усы болып атырған қубылыс туўралы сөз етиўге ҳәрекет етилди.
🔈Трендлерлер: миллий мәдениятқа қайшы келетуғын сән
🧑💻Ҳәзирги заманның баслы ерекшелиги – әлеўметлик тармақлардың жаслардың өмирине терең тәсир етиўи. Әсиресе, қызлар арасында кеңинен таралған «селфи-видео трендлери», онда олар заманагөй музыка менен бирге өз бейнелерин көрсетип, шашларын дүзеп, камераға қараўды сәнге айландырды. Бирақ бундай трендлердиң гей бири миллий, мәдений және дәстүрли байлықларға қайшы келетуғын туслары бар екенин ескериўимиз керек.
📉Негативли әсерлери
🎆Жасалма сулыўлықты нәсиятлаў
Бул трендлер қызлардың сыртқы келбетке шамадан тыс мәнис бериўине, табийғый сулыўлық пенен ишки жан дүньясын итибарсыз қалдырыўына алып келеди. Миллий тәрбияда адамның руўхый байлығы менен ақыл-парасаты биринши орынға қойылады, ал бундай видеолар усы дәстүрлерди екинши орынға ысырады.
🧠Жаслардың нәзерин мазмунсызлыққа аўдарыў
Бундай трендлер көбинесе ўақытты босқа өткизиўге итермелейди. Халқымыз ҳәр дайым ўақытты тийимли пайдаланып, мийнеткешликти (мийнетти сүйиўшиликти), исшеңликти хошаметлеген. Ал бундай видеолардың жас буўынға беретуғыны аз.
🆙Миллий дәстүрлерге қайшы келиўи
Халқымыздың дәстүринде ҳаял адамның ийбеси, әдеби, киши пейиллиги, инабатлылығы, сыпайылығы жоғары баҳаланған. Ал бул трендлер көбинесе ашық, нәзер аўдартыўға бағытланған ҳәрекетлерди көрсетеди, бул миллий әдепке қайшы келеди.
🤡Әлеўметлик қысым менен комплекстердиң пайда болыўы
Бул видеолар басқа қызларды «идеал сулыўлық» стандартларына сәйкес келиўге мәжбүрлеўи мүмкин. Нәтижесинде, жаслар арасында өз-өзине деген исенимсизлик, комплекслер менен психологиялық мәселелер туўындыланады.
🔘Миллий және мәдений дәстүрлерди сақлаў
📈Тәрбиялылықтың мәниси: Миллий мәдениятта тәрбияның баслы мақсети – адамгершилик, үлкенге ҳүрмет, кишиге изет. Бундай трендтер усы дәстүрлерди итибарсыз қалдырып, сыртқы сулыўлық пенен танылыўды марапатлайды.
📈Дәстүрли әдеплилик: Халқымыз мәденияты қыз баланың абырайы менен әдебине үлкен мәни берген. Сонлықтан жасларды әлеўметлик тармақта өзин услаўдың миллий нормаларына үйретиў маңызлы.
📈Мәдениятты үгит-нәсиятлаў: Миллий киймлер, дәстүрли қосықлар менен бийлерди нәсиятлайтуғын трендлерди раўажландырыў арқалы жаслардың нәзерин пайдалы бағытларға бурыўға болады. (Дурыс бүгинги күнде усындай мазмунда жыйналыслар, түрли илаж, «тәдбирлер» болып атыр, мысалы https://t.me/www_karsu_uz/41955; бирақ мәселе - усы илаждың нәтийжесинде; қандай ис-илажлар белгиленип алынғанлығы ҳәм олардың реализациясы туўралы турақлы хабарландырыў, системалылық)
📕Қорытынды
Сән менен трендлер ўақытша қубылыс болғаны менен, миллий дәстүрлер – мәңгилик. Әлеўметлик тармақта қандай да бир трендти усыныўдан бурын, оның жеке адамға және жәмийетке тийгизетуғын әсерин ойлаған дурыс болар. Жаслар арасында миллий мәденият пенен дәстүрлерди хошаметлеў – болажақ урпақтың руўхый байлығы және миллий болмысын сақлаўдың кепили.
Мираддин Мириад
t.me/miraddinmiriad