❓2024-жыл жуўмағында экономикада қандай өзгерислер күтилмекте?
Министрлер Кеңеси баслығының финанс-экономика ҳәм камбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары лаўазымында Нуруллан Ерлепесовтың мәлим етиўинше, усы жыл жуўмағы менен, ЖАӨ көлеми өткен жылдың мас дәўирине салыстырғанда 106,8%ке (42,1 трлн сом) өсиўи күтилмекте.
Бунда, усы өсим пәтлери тийкарынан базар хызметлериниң 118%ке, саннаттың 106,7%ке, қурылыс жумысларының 108%ке ҳәм аўыл хожалығының 103,7%ке өсиўи есабынан тәмийинленеди.
Қарақалпақстан Республикасы жергиликли бюджет дараматларына 2 трлн 824,7 млрд сом прогноз көрсеткишлери белгиленген болып, ҳақыйқатта 2 трлн 890,2 млрд сомға ямаса 102,3%ке орынланыўы күтилмекте.
Қарақалпақстанның 2024-жыл ушын жергиликли бюджет қәрежетлериниң тастыйықланған режеси 5 трлн 147,3 млрд сом етип белгиленген болып, жыл жуўмағына шекем бюджет қәрежетлери 5 трлн 588,4 млрд сомға орынланыўы күтилмекте.
✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар