Video is unavailable for watching
Show in Telegram
❓Студентлер контрактын төлегенде 12% пул қайтарып берилеме?
Салық кодексиниң 378-статьясы 16 -бәнтине муўапық, Өзбекстанның профессионал ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелеринде билим алыў (өзиниң ямаса 26 жасқа толмаған перзентлериниң яки өмирлик жолдасының билим алыўы) ушын жөнелтирилетуғын салық салыныўы керек болған мийнет ҳақы ҳәм басқа дараматларына салық салынбайды.
Демек, төмендеги 3 қатлам ўәкиллериниң контракты ушын төленген пуллардан дарамат салығы усланбайды:
1️⃣ пуқара өзиниң контрактына өткерсе;
2️⃣ ата-аналар 26 жасқа толмаған перзентиниң контрактына өткерсе;
3️⃣ ер ямаса ҳаял 26 жасқа толмаған өмирлик жолдасының контрактына өткерсе.
🎓 Бул жеңиллик қайсы билимлендириў мәкемелерине қолланылады:
1) профессионал билимлендириў (кәсип-өнер мектеплери, колледжлер ҳәм техникумлар) оқыўшыларына;
2) ЖОО студентлерине.
👉 Салық шегирмеси төлем төмендегилер есабынан әмелге асырылғанда усынылады:
✅ өз қаржылары;
✅ физикалық шахсқа коммерция банклери тәрепинен берилген тәлим кредитлери;
✅ юридикалық шахслар тәрепинен физикалық шахсларға қайтарыў шәрти менен берилген қаржылары (ссудалар).
❗️Төлем мийнет ҳақынан емес, ғәрезсиз әмелге асырылғанда жыллық дарамат ҳаққындағы декларацияны тапсырған ҳалда салық шегирмесинен пайдаланыў мүмкин.
Түсиндирме: жоқарыдағы 3 категориядан басқалардың, мысалы, әжаға -ини, апа -сиңлиси, күйеў баласы ямаса келини яки басқа адамлардың контракты ушын төленсе, ҳеш қандай жеңиллик қолланбайды.
👉🏻 @KRuzuz