#Дыққат тендер
Нөкис қаласында жаңадан шѳлкемлестирилген 20, 58, 62 ҳәм 86-санлы жѳнелислер бойынша тендер таңлаўы болып өтеди.
👉58-санлы «Шадлы аўыл-Республикалық емлеўхана (Саранша арқалы)»
👉86-санлы «Абат мәкан МПЖ - Жийдели байсын АВ»
👉20-санлы «Нѳкис арқа батыс АВ-Жийдели байсын АВ»
👉62-А-санлы «Республикалық емлеўхана - Қоскѳл 4 (Досназаров көшеси арқалы)»
Бул 4 жөнелисти автобус жөнелислери жолға қойыламан дегенше тасыўшы кәрханаларға бириктириў бойынша усы жылдың 3-декабрь сәнесинде саат 10:00 де тендер өткерилиўи режелестирилген.
Жөнелислерге усыныс ҳүжжетлери ҳәр бир жөнелиске тендер таңлаўы болатуғын ўақытта А4 размерли конвертлерде печатланған ҳалда қабыл етиледи.
Сондай-ақ, бул қосымша жѳнелислер бойынша жеңимпаз тасыўшыларға жѳнелисте хызмет кѳрсетиўши микроавтобусларды GPS қурылмалары менен үскенелеў ҳәмде Транспорт министрлиги жанындағы диспетчерлик хызмети электрон бақлаў платформасы менен интеграциялаў мәжбурияты жүклетилип жолаўшы тасыў хызметин әмелге асырыў бойынша шәртнамалар рәсмийлестирилиўи белгилеп алынды.
Усы әмеллердиң қолланылыўы нәтийжесинде, жѳнелис автотранспортларының ҳәрекетлениў бағыты ҳәмде аралық интервалларының сақланыўы бойынша қадағалаўға алынады.
Бул жөнелислер ашық тендер таңлаўында тендер усыныслары қолайлы болған, жоқары балл топлаған тасыўшы кәрханаға Комиссия тәрепинен бир ай мүддетке шәртнама тийкарында бириктирилип бериледи.
Тендер таңлаўы бойынша қосымша мағлыўматларды Транспорт министрлигиниң тийисли тараў қәнигелери тәрепинен ямаса
61 225-70-34 телефон номери арқалы алыўыңызға болады.
Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги мәлимлеме хызмети
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың
👇👇👇
📱 Instagram |🌐 sayt |✉️ telegram |📱 facebook|📱twitter