Нөкистеги бақшада жүз берген жағдай Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы тәрепинен қадағалаўға алынды
Усы жылдың 5-февраль күни социаллық тармақлар арқалы Нөкис қаласында жайласқан жеке меншик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде тәрбияшының балаларға турпайы мүнәсибетте болғанлығы ҳәм басқа да унамсыз жағдайлар сәўлеленген видеолар тарқалды.
Анықланыўынша, видеокөринисте сәўлеленген жағдай 2024-жыл ноябрь айында Нөкис қаласында жайласқан жеке меншик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң тәрбияшысы Р.Ш. ҳәм жәрдемши тәрбияшы Д.С.лар тәрепинен исленген.
Бул жағдай бойынша Нөкис қаласы прокуратурасы тәрепинен тергеўге шекем тексериў ҳәрекетлери алып барылмақта.
Нәтийжесине бола, нызамлы қарар қабыл етилиўи Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы тәрепинен қадағалаўға алынған.
👉 @Karakalpak95 - ИСЕНИМЛИ ХАБАРЛАР!