Көргизбели әмелий оқыў семинары қыйтақ жер ийелеринеде арналды
⚡️Ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыў жолындағы қарар ҳәм пәрманлары тийкарында аграр тараўға бир қанша жаңа техника ҳәм технологиялардың енгизилиўи нәтийжесинде тараў жаңа раўажланыў басқышына көтерилди.
Қанлыкөл районында шөлкемлестирилген семинар қатнасыўшылары райондағы “Арзымбетқум” АПЖ Сарсен Өтепбергенов шаӊарағында жетистирилип атырған қулпынай сортларын тәрбиялаў ҳәм нәл алыў жумыслары менен танысты.
Район қарантин агентлиги хызметкерлери өзлериниӊ өсимлик зыянкеслерине қарсы гүресиў илажлары бойынша түсиниклер берди.
Семинарда, бүгинги күнде аграр тараўдың раўажланыўында жаңа имканиятлар жаратылып атырғаны ҳәм бул имканиятлар менен шараятлардан тараў ўәкиллери нәтийжели пайдаланыўы зәрүр екенлиги айтып өтилди.
Kanalǵa aǵza bolıw: https://t.me/kanlikulnews