#Нызамшылықтағы_жаңалықлар
"Статистика жумысларын шөлкемлестириў ҳәм жүргизиў системасын жаңа басқышқа алып шығыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы Президент Пәрманы (ПП-27-санлы, 24.02.2025 ж.) қабыл етилди.
🔰 Пәрманға көре, Президент жанындағы Статистика агентлиги Миллий статистика комитети сыпатында қайта шөлкемлестириледи.
✔️ Статистика жумыслары нәтийжелилигин еле де арттырыўдың төмендеги тийкарғы бағдарлары белгиленди, атап айтқанда:
🔹макроэкономика ҳәм тармақлар дәрежесинде статистикалық бақлаў өткериў системасын ҳәм олардың методологиясын халықаралық стандарт ҳәм усынысларға муўапық жетилистирип барыў;
🔹 интеграция процеслерин кеңейтиў арқалы статистикалық есабатларды қысқартыў ҳәм бизнеске есабат тапсырыў жүгин азайтып барыў;
🔹"мәҳәлледен - республикаға шекем" принципи бойынша статистикалық көрсеткишлерди қәлиплестириў системасын жаратыў арқалы мағлыўматлардың исенимлилигин тәмийинлеў.
🖥 2025-жылдың ақырына шекем "Аймақлар статистикасы" мәлимлеме системасы иске түсириледи.
📁 ️2025-жыл жуўмағы бойынша есабат дәўиринен баслап хызметкерлер саны жыллық орташа 5 адамнан кем болған ҳәм жыллық түсими БЕМның 2 000 есесине шекем болған микрофирма ҳәм киши кәрханалар ушын жыллық статистикалық есабатты тапсырыў миннетлемесин бийкар етип, ҳәр үш жылда бир мәрте статистикалық есабат тапсырылыўы белгиленди.
📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
❗️Миллий статистика комитети шөлкемлестириледи