#Нызамшылықтағы_жаңалықлар
🔰Пәрманға көре, 2025-жыл 1-апрельден төмендеги хожалық жүргизиўши субъектлердиң жумыс бағдарлары бойынша эксклюзив ҳуқықлары бийкар етиледи:
➖"Өзбекекспертиза" АЖ ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң сырт ел инвестициялары қатнасыўындағы кәрханалар тәрепинен өз өндирислик мүтәжликлери ушын алып келинип атырған мүлкке сертификат бериў бойынша;
➖"ӨзИнжиниринг" жойбарлаў институтының инвестициялық жойбарларының жойбаралды ҳәм жойбар ҳүжжетлерин ислеп шығыў бойынша;
➖"Миллий PR-орайы" МУКтың Өзбекстан туризм потенциалын үгит-нәсиятлаўға бағдарланған сырт ел компанияларының продюсерлик ҳәм реклама хызметлерин, сырт ел телерадиокомпаниялары ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларының рекламалары, репортажлары ҳәм басқа да роликлерин таярлаў ҳәм трансляциялаў бойынша;
➖"Sag agro МТП" ЖШЖның ғоза ислеп шығарыўшыларға агротехникалық илажларды әмелге асырыў бойынша механизация хызметлерин көрсетиў бойынша;
➖"Өзбекстан стандартлар институты" мәмлекетлик мәкемесиниң миллий стандартларды шәртнама тийкарында басқа тиллерге аўдарыў бойынша.
🗓 "Туризм хызметлерин сертификатластырыў орайы" МУКтың туроператор, жайластырыў қураллары, таў-лыжасы трассалары ҳәм пляжлар хызметлерин сертификатластырыў, оларға категория бериў, сондай-ақ, сертификатластырылған хызметлериниң стандартластырыў бойынша норматив ҳүжжетлер талапларына муўапықлығы үстинен инспекциялық қадағалаўды өткериў ўазыйпасы Туризм комитетине өткериледи.
📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
❗️️Бир қатар хожалық жүргизиўши субъектлердиң эксклюзив ҳуқықлары бийкар етиледи