#Нызамшылықтағы_жаңалықлар
Министрлер Кабинетиниң қарары (130-санлы, 28.02.2025 ж.) менен Ҳүкиметтиң айырым қарарларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.
⚡️️Қарарға көре, 2025-жыл 1-сентябрьге шекем:
1️⃣ Нәўбеттеги мәжбүрий аттестацияға тартылмаған, сондай-ақ, аттестациядан өткенлик мүддети тамамланған ҳәм әмелдеги маманлық категориясы сақланып қалған төмендеги педагоглар мәжбүрий аттестацияға тартылмайды ҳәм де оларға әмелдеги маманлық категориясы (лаўазымы) бойынша ҳақы төленеди:
▪️жоқары маманлық категориясына (бас оқытыўшы лаўазымына) ийе болғаннан соң усы категорияны (лаўазымды) 15 жыл даўамында сақлап келген ҳәм үзликсиз жумыс стажына ийе болған;
▪️педагогикалық жумыс бойынша 25 жыл ҳәм оннан көп жумыс стажына ийе болған;
▪️жасқа байланыслы пенсияға шығыўы ушын 5 жылдан көп болмаған ўақыт қалған;
▪️педагогикалық жумыс пенен шуғылланып атырған пенсия жасына толған педагоглар;
2️⃣ ️Төмендеги талаплардан бирине жуўап беретуғын педагогларға тиккелей маманлық категориясы (лаўазымы) бериледи:
▪️педагогикалық жумыс бойынша 25 жыл ҳәм оннан көп жумыс стажына ийе болған педагогларға - олардың әмелдеги маманлық категориясы (лаўазымы);
▪️жасқа байланыслы пенсияға шығыўы ушын 5 жылдан көп болмаған ўақыт қалған педагогларға - олардың әмелдеги маманлық категориясы (лаўазымы);
▪️жоқары маманлық категориясына (бас оқытыўшы лаўазымына) ийе болғанынан соң усы категорияны (лаўазымды) 15 жыл даўамында сақлап қалған ҳәм үзликсиз жумыс стажына ийе болған педагогларға - жоқары маманлық категориясы (бас оқытыўшы лаўазымы).
✔️ Сондай-ақ, төмендегилер нәзерде тутылмақта:
🔹билимлендириў шөлкемлеринде жумыс алып барып атырған музыка мәденияты ҳәм дене тәрбиясы пәни педагоглары, пенсия жасындағы педагоглар ҳәм жоқары мағлыўматқа ийе болмаған педагогларды аттестациядан өткериў;
🔹Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги системасында жумыс алып барып атырған маман педагог кадрлар ҳәм алдыңғы хызметкерлерди хошаметлеў;
🔹Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри қорының жумысын жетилистириў.
📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
❗️Педагогларды аттестациядан өткериў, кәсиплик сертификатлаў ҳәм хошаметлеў системасы жетилистириледи