Билим журты талабалары елимиздиӊ мақтанышы болған спортшылар менен ушырасты
Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты талабалары елимиздиӊ байрақларын көклерге көтерип елге танытқан спортшыларымыз бенен ушырысыӯ кешеси болып өтти.
Ушырасыӯды билим журты директоры Ж.Абдиразаков алып барды ҳәм спортшыларымызды талабаларға таныстырды. Бул спортшыларымыз Н.Хожабаев гүрес бойынша жәҳән чемпионы, бүгинги күнгде устаз тренер, Д.Жиемуратов қылышпазлық бойынша мийнети сиӊген тренер ҳамде Ш.Мамутов булда қылышпазлық бойынша жәҳән ҳәм азия чемпионы Токио олимпиада қатнасыӯшысы болған.
Ушырасыӯ барысында спортшыларымыз өзлериниӊ бул спорт түрлерине қалай кирип келгенлиги, жетискенликлери нәтийжесинде республикамызда спорт түрлерин ашылыӯы ҳәмде бүгинги күнде қылышпазлық спорт түрин бириншилер қатарынан сыйлы орын ийелеп келгенликлери ҳаққында айтып өтти.
Ушырасыӯ соӊында талабаларымыз спортқа тийисли өзлериниӊ қызықтырған сораӯларын берип, бир қанша мағлыӯматларға ийе болды.
Билим журты баспасөз хызмети
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🌐alberuniy.uz 🟥youtube
🌐instagram 🌐facebook
Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️alberuniyuz