Forward from: Paziyletuz | Рәсмий канал
#рамазан_2025
Орынларда ифтарлық иләжлары ѳткерилмекте
Рамазан айының пазийлетлерин толық түсиндирип беретуғын ҳәдисти Расулуллаҳ (саллаллаҳу алайҳи ўа саллам) нан Салмон Форсий (разияллаҳу анҳу): «Бул айда мөминниң ырысқысы зияда болады. Кимде ким усы айда ораза тутқанға ифтарлық етип берсе, оның гүналары кешириледи ҳәм дозақтан азат болады. Сондай-ақ, оған да ораза тутқанның саўабынан ҳеш кем болмаған саўап бериледи», деп рәўият етеди. Кимде-ким ораза тутыўшының қарнын тойдырса, қыяметте Аллаҳ оған кәўсар кѳлинен бир жутым суў ишкизеди, нәтийжеде ол жәннетке киремен дегенше шөллемейди.
Ифтарлық етиў дегенде, әлбетте, дастурхан жайып, кѳплеген адам шақырыўды түсинбеў керек. Жәрдемге мүтәж адамларға аўқат ямаса керекли қаржыны бериў ең жақсы ифтарлық болып есапланады.
Рамазан айы мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Министирлер Кеңеси ўәкиллери, нураныйлар, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы, мешит имам-хатиблери орынлардағы мүтәж шаңарақлар, кексе жастағы нураныйлар ҳәм де нәгиранлығы болған пуқаралар ҳалынан хабар алып, қәўендерлер кѳмеги менен оларға материаллық жәрдемлер бермекте.
Аллаҳ таала мүбәрек Рамазан айында тутып атырған оразаларымызды, ибадатларымызды өзиниң мәрҳаматы менен қабыл етип, ҳәммемизди уллы саўапларға еристирсин!
Бегис АББАЗОВ, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты хызметкери.
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz