Forward from: KRuz.uz |Рәсмий канал
Хожелиде бир қатар медицина хызметкерлери жазаға тартылды
Социаллық тармақларда Хожели районы медицина бирлеспеси менен байланыслы сын материал жәрияланды. Онда мәмлекет тәрепинен берилетуғын бийпул дәрилерди де дәриханалардан сатып алыў ушын пуқараларға рецепт берилип атырғаны ҳаққында сөз етилген.
Усы мүрәжат бойынша туўыў бөлиминиң баслығы, үлкен мийирбийкеси, неонатолог шыпакер, акушер-гинеколог, акушерка ҳәм неонатолог мийирбийкелерге хызмет тексериўлери өткерилген.
Сондай-ақ, олар хызмет ўазыйпасын орынлаў ўақтында жол қойған қәте ҳәм кемшиликлери ушын интизамый жазаға тартылған.
Буннан тысқары, медицина бирлеспесинде жүз берген нәрестениң денсаўлығы менен байланыслы жағдай бойынша ҳәзирги күнде район прокуратурасы тәрепинен тергеў алды сорастырыў жумыслары алып барылмақта.
«Нәтийжеси бойынша ҒХҚ арқалы жәмийетшиликке рәсмий мағлыўмат берилиўи тәмийинленеди», — делинеди ҳәкимлик хабарында.
✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар