#Дыққат_дағаза_!
Таңлаўда қатнасып электромобиль жеңип алың!
Ҳүрметли мәҳәллелеслер!
Соның ишинде, өзи жасап атырған аймағының абаданлығына бийпәрўа болмаған Мәҳәлле баслықлары ҳәм белсендилери!
Бәриңизге белгили, үлкемизге жаңаланыў ҳәм жасарыў мәўсими – бәҳәр кирип келмекте. Сондай-ақ, миллий байрамымыз есапланған – Наўрыз әйямы да жақынласпақта. Ерте бәҳәр қоршаған орталығымызға итибар бериў, мәҳәлле ҳәм аўылласлар менен аўызбиршиликте жан-әтирапымызды абаданластырыў – бул миллий қәдриятлармыздан саналады.
Өзбекстан мәҳәллелери аўқамы мине, усы байрам алдынан барлық мәҳәлле хызметкерлери менен мәҳәлле халқының усы бағдардағы жумысларын хошаметлеўди режелестирилмекте.
Атап айтқанда, мәҳәллелерде турақ жай ҳәм көшелерди абаданластырыў, халық арасында саламат турмыс тәризине әмел етиў арқалы белгиленген абаданластырыў және көклемзарластырыў жумысларын алып барыўда мәҳәлле баслықларының алдынғы тәжирийбелерин ғалаба ен жайдырыў, система хызметкерлериниң жумыс нәтийжелилигин арттырыў және үлгили мәҳәллелер шеңберин кеңейтиў, сондай-ақ, өз мийнет ўазыйпасында сезилерли жетискенликлерге ерисип атырған мәҳәлле баслықлары жумысын қоллап-қуўатлаў мақсетинде Өзбекстан мәҳәллелери аўқамы тәрепинен усы жылдың 1-19-март сәнесилери аралығында «Абат хожалық», «Абат көше» ҳәм «Абат мәҳәлле» таңлаўы өткериледи.
Төрт басқыштан ибарат таңлаў төмендеги номинациялар тийкарында баҳалап барылады. Булар:
1. «Абат хожалық» номинациясы
2. «Абат көше» номинациясы
3. «Абат мәҳәлле» номинацияларынан ибарат.
Таңлаўдың 1-басқышы – 1-10-март күнлери (ҳәр бир мәҳәлле кесимнде);
2-басқышы 11-15-март күнлери (район (қала)лық);
Үшинши Қарақалпақстан Республикасы басқышы болса, 16-17-март күнлери болып өтеди.
Жуўмақлаўшы Өзбекстан Республикасы (4-басқыш) басқышы болса,18-19-март күнлери Ташкент қаласында шөлкемлестириледи.
Таңлаўдың Республикалық басқыш жеңимпазлары бас сыйлық - электромобиль (автомашинаси) менен сыйлықланады.
Аймақлық ҳәм район (қала)лық басқыш женимпазларына да буннан басқа баҳалы саўғалар менен сыйлықлар қойылмақта.
Таңлаўда белсене қатнасып, мәҳәллеңиздиң абаданлғына ерисиң ҳәм баҳалы саўғларға ийе болың!
Қосымша мағлыўматларды Өзбекстан мәҳәллелер аўқамы район(қала)лық бөлимлерден алыўыңызға болады.
Басқарма Баспасөз хызмети
Кanalǵa aǵza bolıw 👉 @QR_mahalle
Telegram 📍Instagram 📍Facebookм