Қаратерең көли туўралы
Әкем Алламбергенниң анасы Улсулыў мүйтен руўының самат тийресинен еди. Балалығымызда айтқан аңызын сизлерге айтып бермекшимен.
Күтә ерте заманлардың биринде Бөрши таўдың етегинде бир қала болған екен. Қаланың ортасында бир таў тасынан өрилген терең қудық болыпты. Қала халқы усы қудықтың суўын душшы болғанлықтан ишимлик ушын пайдаланған. Қудықтың маңлай алдында көлеми кишигирим қара үйдей қара тас болып, бул таста мынандай мазмунда жазыў болған екен:
"Бул қудықтың тереңлиги қырық қулаш. Түбинде аспаннан жанып түскен кәрәматлы қара тас жатыр. Бул тасты алыўшы болмаңлар, жер бетине шығарсаңызлар апат алып келеди."
Қанша заманлар өткени белгисиз, сонша ўақыт даўамында бул қаланың адамлары жазылған нәсиятқа садық болып, қудық түбиндеги қара тасты орнынан қозғамапты. Заманлар изинен заманлар келипти. Тәңриниң ҳәмири менен сол дәўирдеги қала ҳүкимдары болған патша өлипти. Оның тахтына баласы отырыпты. Күнлердиң бир күнинде қала халқы арасындағы палўан жигитлерге хәм нөкерлерине қудық ишиндеги тасты сыртқа шығарып алыў ушын ҳәмир етипти. Жас патша "Қудықтағы қара тастың астында Сулайман патшаның жети ғәзийнесиниң бири бар, соны ийелеймен," деп нийет қылған екен. Тасты қырық қулаш тереңликтен жердиң бетине бир әмеллеп алып шығыпты...
Күн батып, қараңғылық түскен соң хәммеси уйқыға жатыпты. Сол түнде тас алынған қудықтан адам баласы бурын көрмеген муғдардағы суў тасқыны атлығып шығып, қала ҳәм оның халқы суў астында мәңгиге қалып кетипти...
Соңғы замандағы адамлар усы көлди "Қара терең", деп атайтуғын болған.
Тахтакөпирши мүйтенлердиң бир топары 19 әсирдиң соңы 20 әсир басларында Қара терең көлдиң батыс жағаларында жасаған. Кемпир апам Улсулыў: "Ҳәр бәҳәрде Қара тереңниң суўы бир тасып қайтатуғын еди. Суў қайтқан жерлерди қайыр дейди. Сол Қара тереңниң қайырына ағайинлеримиз тары, арпа, гүнжи, жүўери, жоңышқа, қаўын-ғарбыз егетуғын еди. Қайырда өскенлердиң бәриде болық болатуғын еди", деп еслеп отырғанлары ядымызда мөрленип қалған...