«««««««ЕР АДАМНЫҢ КИЙИМИН БАСПА»»»»»»»
....... Көшеде кетип баратырған жасы үлкен ана анадайда киятырған, аяғы ауыр жас келиншекти көрип, келген жеринде тоқтап қалды да да, келиншектиң өтип кетиуин күтип турды. Келиншек жақынлап сәлем берди де:
~Апа, сизиң жасыңыз үлкен ғой, өте бериңиз,-деди.
Жасы үлкен ана:
~Әй, балам ай, аяғың ауыр екен, ишиңдеги ул ма, қыз ба бир Аллаға аян, егер ул бала болса алдын кесип өтип үлкен гүнаға батарман, сен өте ғой, шырағым,-деп, келиншекти өткерип жиберип, жолын дауам етти....
Ер баланы,ер адамды сыйлау-халқымыздың мәдениятында ең тийкарғы орынды ийелейди,сонлықтан да халқымыздың тыйым салыу дәстүринде:
~Ер баланы теппе;
~Ер адамның алдын кесип өтпе;
~Ер адамның кийимин баспа:--
--деген сөзлерди кишкене уақтымыздан ақ санамызға аналарымыз сиңдирип отырады.
Ер адам~шаңарақ басшысы,асыраушысы,тәрбияшысы,панасы,ғамхоры,айбаты хәм әуладлар дауамшысы.Сонлықтан ерди хүрметлеу ана қарнында жатқан уақтынан ақ басланады.Ер адамның өзин ғана хүрметлеп қоймай,оның кийими,услап-тутатуғын затларына хүрмет пенен қаралады.Ер адам тек бир шаңарақтың ғана емес,пүткил ауыл,елдиң ғамхоры,панасы хәм айбаты.
......«Өткен уақытларда малы мыңғырған, жети атасынан бери бай,дәулетли бир киси болыпты.Сол дәулеттиң арқасында болыс болып ел де басқарады.
Байдың тоқалынан тууылған киши балаға бәйбишеден тууылған үлкен балалары күн бермейди. Қызғаншақлық жасап,әкесин айдап салып киши балаға қарсы қояды.Байға: ~"Балаңыз атадан қалған дәулетти қалай болса солай шашып жүр.Ел-журтқа қарайтуғын бет қалмады,абырайыңызды төгип жүр,~ дейди.
Бул сөзлерге қатты исенген бай киши улды биреулерди жумсап өлтиртеди.Киши баладағы келин күтә ақыллы еди,ол байдың өз улының түбине жеткенлигин дәлиллеп қазы,бийлердиң алдына жүгинеди.
Бай баласын өлтиргенлигин илажсыз мойынлайды.
Даудың соңы өлтирилген күйеуиниң қунын төлеуге келип тирелгенде,қайсар келин:
~Ериме қут болмаған дәулет маған бахыт әкелмейди,дүнья-малы керек емес,бир ғана тилегим бар,~дейди.
~Қайын атамның жети атасынан берман киятырған қундыз жағалы тоны төринде илиули тур,соны бир атлап өтсем болды,басқа талабым жоқ,~депти.
Келинниң өтиниши сол уақытта ақ орынланыпты.
Көп узамай бай бир жутта төрт түлик малынан түуел айырылып,таяқ услап қалады.Кийели кийими аяқ асты болғанлықтан,байдың басынан дәулет қусы ушып,ең соңында садақа сорап жүрип,ашлықтан өлген екен.»......