5 кала: ХОЖЕЛИ, КОНЫРАТ, ШЫМБАЙ, ШОРАХАН (ТОРТКУЛ), ШАББАЗ (БЕРУНИЙ)
#Сиз_билесизбе?
Қарақалпақстан Республикасындағы қала ҳәм районлар қашан дүзилген?
Нөкис қаласы: 1932-жыл.
Қоңырат: 1927-жыл, 22-июнь
Шымбай: 1927-жыл, 3-июль
Хожели: 1927-жыл, 3-июль
Беруний: 1927-жыл, 3-июль
Төрткүл: 1927-жыл, 13-июль
Кегейли: 1928-жыл, 3-сентябрь
Мойнақ: 1931-жыл, 15-сентябрь
Тақиятас: 1953-жыл, (қайта 2017-жыл август)
Тақтакөпир: 1965-жыл, 29-декабрь
Шоманай: 1967-жыл, 9-январь
Нөкис р\н: 1968-жыл, 25-декабрь
Қанлыкөл: 1970-жыл, 7-декабрь
Қараөзек: 1975-жыл, 26-сентябрь
Елликқала: 1977-жыл, 23-февраль
Бозатаў: 1979-жыл, 10-апрель (қайта 2019-жыл, сентябрь)
🟢🟢🟢🟢🟢🟢🟢🟢🟢🟢🟢
#ЖЕТИ УРПАҚ:
1) белбала;
2) ақлық;
3) шаўлық;
4) қуўлық;
5) туўлық;
6) баўлық;
7) жатлық.
1993-жылы 24-декабрь. Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик Гимни қабыл етилген күн.
Автор: И. Юсупов
Композитор: Нажимаддин Мухаммеддинов
Жайхун жағасында өскен байтерек,
Түби бир шақасы мың болар демек,
Сен сондай саялы қуяшлы елсең,
Тынышлық ҳәм ығбал сендеги тилек.
Дийхан баба нәпеси бар жеринде,
Жуўсан аңқып, кийик қашар шөлинде,
«Қарақалпақстан» деген атыңды,
Әўладлар әдиўлер жүрек төринде.
Айдын келешекке шақырар заман,
Мәртлик мийнет, билим жетизер оған,
Халқың бар азамат, дос ҳәм мийирбан,
Еркин жайнап-жаснап, мәңги бол аман.
Дийхан баба нәпеси бар жеринде,
Жуўсан аңқып, кийик қашар шөлинде,
«Қарақалпақстан» деген атыңды,
Әўладлар әдиўлер жүрек төринде
https://t.me/MSHBSH_tarbiyashilari_kanali