Қарақалпақ LIVE


Channel's geo and language: Uzbekistan, Uzbek


📍 Қарақалпақ LIVE –әҳмийетли ўақыяларды ҳақыйқый ҳәм тезлик пенен жеткерип бериўши жаңалықлар каналы. Биз тек ғана фактлерге сүйенип, жәмийет ушын әҳмийетли темаларды өз ўақтында шығарыўға умтыламыз.
Реклама ушын: @KKLIVE_ADMIN

Related channels  |  Similar channels

Channel's geo and language
Uzbekistan, Uzbek
Statistics
Posts filter


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
Хожелиден өтиўши «Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў» жолында тезлик 70 км ге түсирилди

Бул ҳаққында Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы мәлим етти. Оған бола, автомобиль жолының 795-806 км аралығында автотранспорт қуралларының ҳәрекетлениў тезлиги саатына 70 км деп белгиленди.

😎 Қарақалпақ LIVE ең оператив ҳәм исенимли жаңалықлар каналы!


⚡️Енди 3,5 мың кәмбағал шаңарақлардың перзентлери ЖООға грант тийкарында қабыл етиледи

📑 Президенттиң "Өзбекстан-2030 стратегиясын Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм жасыл экономика жылында әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында"ғы пәрманы жәмийетшиликтиң додалаўына қойылды.

Инсан потенциалын арттырыў, билимлендириў ушын қолайлы орталық жаратыў жумысларын шөлкемлестириў мақсетинде 2025-2026-оқыў жылынан:

Орайлық Азия қоршаған орталық ҳәм климат өзгериўин үйрениў университети экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи сыяқлы билимлендириў бағдарлары ҳәм қәнигеликлери бойынша жетекши жоқары билимлендириў шөлкеми етип белгиленеди;

Орайлық Азия қоршаған орталық ҳәм климат өзгериўин үйрениў университетинде "циркульяр экономика" билимлендириў бағдарында кадрлар таярлаў әмелияты жолға қойылады;

Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында Орайлық Азия қоршаған орталық ҳәм климат өзгериўин үйрениў университетиниң "жасыл техникумлары" жумысы жолға қойылады;

Тәбийғый пәнлер, инженерлик-техника, экономика ҳәм қаржы бағдарларындағы мәмлекетлик жоқары билимлендириў шөлкемлеринде "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм жасыл раўажланыў" пәни ҳәм оқыў бағдарламалары киргизиледи;

Жоқары билимлендириўде грант орынларын басқышпа-басқыш арттырыў есабынан анық ҳәм тәбийғый пәнлер, инженерлик-техника, хызметлер, медицина сыяқлы тараўларда мәмлекетлик буйыртпа 25 мыңға жеткериледи;

"Ел-юрт умиди" қоры тәрепинен екология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи билимлендириў бағдарламалары тийкарында билим алыў ушын стипендия таңлаўына 20 ға шекем квота ажыратып барылады;

Айрықша билимлендириўге мүтәжлиги болған оқыўшылар менен ислейтуғын муғаллимлерди сертификатлаў әмелияты жолға қойылады;

республиканың ҳәр бир районында (қаласында) басқышпа-басқыш инклюзив билимлендириў талапларына жуўап беретуғын кеминде биреўден улыўма билим бериў мектебиниң жумысы шөлкемлестириледи;

3,5 мың кәмбағал шаңарақлардың перзентлерин таярлап, жоқары билимлендириў шөлкемлерине белгиленген тәртипте грант тийкарында қабыллаў жумыслары шөлкемлестириледи.

2025-жыл 1-мартқа шекем дурыс аўқатланыў, денетәрбия ҳәм спорт пенен шуғылланыўдың инсан саламатлығына пайдасын үгит-нәсиятлаўды күшейтиў бағдарламасы ислеп шығылады.

2025-жыл 1-августқа шекем азық-аўқат қәўипсизлиги тараўында қәўип-қәтерлерди анықлаў, баҳалаў, басқарыў ҳәм мониторинг етиў мақсетинде уйымлараралық өз-ара бир пүтин Миллий мәлимлеме платформасы ислеп шығылады.

😎 Қарақалпақ LIVE ең оператив ҳәм исенимли жаңалықлар каналы!


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
😌😋😚😉😍😋
Pulmakon «CLEVER»  микрокредит шөлкеми

КРЕДИТ!!!
ТЕЗ АҢСАТ КОЛАЙ

😀МИКРОҚАРЫЗ  2 СААТТА ШЫҒАДЫ

😀10 млн нан 300 млн ға шекем микроқарыз

Мәселен той бериуге яки Машина алыуға ҳәмде басқада жетпей турған қәлеген мүтәжиңизге алсаңызда болады
Оны 10 күнде яки 1 айда кайтарсаңызда болады Тек пайдаланған күниңиз ге пайыз қосылады

🗓 6 айдан 3-жыл мүддетке.

😀 Кредит алыў ушын сиз тек ғана 2010-жылдан төмен болмаған автотранспортты НОТАРИУС арқалы ГИРЕЎге (ЗАЛОГқа) қойып, автомашинаңыздың жағдайына қарап кредит аласыз.

  КЕРЕКЛИ ҲҮЖЖЕТЛЕР
Пуқараның ҳәм зайыбының паспорты;
Машинаның техпаспорты;
Пластик карта;
Нотариусқа 1.070.000 мың сум төлем.

10 млн 725.000
20 млн  1.449.000
30 млн  2.174.000
40 млн  2.899.000
50 млн. 3.624.000
60 млн  4.348.000
70 млн  5.073.000
80 млн  5.798.000
90 млн 6.522.000
100 млн  7.247.000

Айма-ай  график бойынша төлеп барасыз

📞Телефон
+998930002221
+998977890782
+998907003777

😀Қоңырат р-ны
+998906504945

😀Мәнзил: Нөкис қаласы, Ағаш базар жанындағы «Металл профиль» атлы бәндирги.

📢📢📢📢📢


🗓 2025-жылы «Ашық бюджет» порталында жәмийетшилик қатнасыўында өткерилетуғын жойбарлардың ўақты мәлим болды

Оған бола:

Январь айында 2024-2025-оқыў жылы ушын «Мениң мектебим» жойбары болып өтеди. Даўыс бериў 13-17-январь күнлери өткериледи. Январьдағы жойбарда Қарақалпақстаннан тек ғана Кегейли районы мектеплери қатнаса алады.

Жойбардың 2025-2026-оқыў жылы ушын мәўсими октябрь айына мөлшерленген. Жойбарларды киргизиў 1-10-октябрь күнлери, даўыс бериў болса 21-30-октябрь күнлери болып өтеди.

«Басламалы бюджет»тиң 1-мәўсими февраль-март айларына мөлшерленген. Жойбарларды киргизиў 1-20-февральда, даўыс бериў болса 11-20-март аралығында болады.

Жойбардың 2-маўсымы июль-август айларында болып өтеди. Жойбарларды киргизиў 15-июльден 3-августқа шекем, даўыс бериў 22-августтан 31-августқа шекем болып өтиўи белгиленген.

«Мениң бағым» жойбары апрель айында өткериледи. 1-10-апрельде жойбарларды киргизиў, 21-30-апрельде даўыс бериў болып өтеди.

«Мениң бақшам» жойбары июнь айында өткериледи. Жойбарлар ушын даўыс бериў процеси 1-10-июнь күнлерине белгиленген.

😎 Қарақалпақ LIVE ең оператив ҳәм исенимли жаңалықлар каналы!


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
Қыста автомобильди қанша ўақыт даўамында қыздырыў керек?

Бул ҳаққында тийисли тараў ўәкиллери керекли мағлыўматлар менен бөлисти. Толық жоқарыдағы видео арқалы билип алыўыңыз мүмкин.

😎 Қарақалпақ LIVE ең оператив ҳәм исенимли жаңалықлар каналы!


Адвокат тәрепинен төмендеги хызметлер көрсетиледи.

1. Мийнет нызамшылығы, семьялық ислер,  жер, мийрас ҳәм барлық түрдеги пуқаралық ислер бойынша даўларда арза, даўа арза жазып бериў, судта адвокат сыпатында қатнасыў:
2. Жынаят иси бойында тергеўде ҳәм судта қорғаўшы адвокат сыпатында қатнасыў:
3. Салық даўлары бойынша даўа арза жазып бериў ҳәм судларда ўәкилиңиз сыпатында қатнасыў:
4.  Суд қарарлары үстинен апелляция ҳәм кассация арзларын жазып бериў ҳәм судларда қатнасыў:
5. Юридикалық шахслар ортасындағы даўлар бойынша экономикалық судларда қатнасыў;
6.  Жол ҳәрекети қағыйдалары, кадастр органлары ҳәм басқа ҳәкимшилик жәриймалар бойынша юридикалық жәрдем көрсетиў:
7. Исбилерменлер ҳәм юридикалық шахсларға юридикалық хызметлер көрсетиў.

Адвокат пенен байланысыў ушын төмендеги ботқа жазың

@advokat_penen_soylesiw_bot


Каналға ағза болыў: @SM_ADVOKAT


2025-жылда мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи тараўында енгизилетуғын әҳмийетли өзгерислер ҳәм тәртиплер менен танысың

Өзбекстан Республикасы Президентиниң тийисли Пәрманына тийкарланып:

➖ 2025-жыл 1-январьдан — мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми директорының орынбасары лаўазымы енгизиледи;

➖ 2025-жыл 1-январьдан — район (қала)ларда кеминде биреўден таяныш мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң жумысы жолға қойылады;

➖ 2025-жыл 1-январьдан баслап — мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде "Методикалық шеберлик сааты", таяныш мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде "Методикалық шеберлик күни" басқышпа-басқыш енгизиледи;

➖ 2025-жыл 1-январьдан баслап — тренер сыпатында жумыс алып барып атырған директор орынбасарларына лаўазымлық мийнет ис ҳақысының 20 проценти муғдарында қосымша ҳәр айлық үстеме ҳақы төленеди;

➖ 2025-жыл 1-январьдан — қамтып алыў дәрежеси төмен болған мектеплер бос турған жер участкаларында мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң жумысын жолға қойыўға рухсат етиледи;

Өзбекстан Республикасы Президентиниң тийисли қарарларына тийкарланып:

➖ 2025-жыл 1-январьдан — кәмбағал шаңарақлардың перзентлери мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине жеңиллетилген тийкарда қабыл етиледи;

➖ 2025-жыл 1-январьдан — мәмлекетлик емес улыўма орта билимлендириў шөлкемлериниң жумысын жолға қойыў ушын белгиленген тәртипте компенсация бериў тәртиби енгизиледи;

➖ 2025-жыл 1-январьдан баслап — мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў шөлкемлериниң хызметкерлери ушын бес жылда бир мәрте жумыстан айрылған ҳалда маманлық арттырыў курслары енгизиледи;

➖ 2025-жыл 1-январьдан — улыўма орта билим бериў мәкемелеринде "Кәсиплик раўажланыў сааты", таяныш улыўма орта билим бериў мәкемелеринде "Кәсиплик раўажланыў күни" басқышпа-басқыш енгизиледи;

➖ 2025-жыл 1-январьдан — атақлы халықаралық олимпиадаларда қатнасатуғын сайланды командалардың басшысын хошаметлеў тәртиби енгизиледи ҳәм дәрамат салығынан азат етиледи;

➖ 2025-жылдан — 5-8-класс оқыўшылары арасында өткерилетуғын олимпиадаларда жоқары нәтийжелерди көрсеткен қәбилетли оқыўшылардың базасы қәлиплестириледи ҳәм оларды халықаралық олимпиадаларға мақсетли таярлаў жолға қойылады;

➖ 2025-жылдан — тийкарғы пән олимпиадаларының аймақлық басқышында табыслы қатнасқан қәбилетли жаслар ушын "Интеллектуаллық дем алыў орынлары" шөлкемлестириледи.

😎 Қарақалпақ LIVE ең оператив ҳәм исенимли жаңалықлар каналы!


❗️Автотранспорт айнасынан шығынды таслаған пуқараға жәрийма салынады

⚠️ Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 123-статьясына муўапық, поезд, автомобиль қуралынан ямаса басқа түрдеги транспорттан шығынды ямаса басқа нәрселерди таслап жибериў базалық есаплаў муғдарының 50% муғдарында жәрийма салыўға себеп болады.

☝️Бундай жәрийманы ишки ислер уйымлары хызметкерлери, сол қатарда профилактика инспекторлары ҳәм жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызмети инспекторлары да қолланыўы мүмкин.

😎 Қарақалпақ LIVE ең оператив ҳәм исенимли жаңалықлар каналы!


😌😋😚😉😍😋

Банклерден кредит ала алмай атырған болсаңыз, кредит историяңыз жаман болса:

▪️ ▪️ ▪️ ▪️ ▪️ ▪️ 💳 ▪️ 💳

🔴 UZUM NASIYA
🔴 ALIF NASIYA
🔴 ANORBANK MUDDATLI TO'LOV
🔴 OPEN CARD
🔴 CHAKANA
🔴 ZOODMALL
🔴 INTEND
🔴 PAYME NASIYA

🚩 Егерде сизге усы платформалар арқалы сизге лимит берилсе кредит есабында шығарып беремен.

Ўақтында төлесеңиз болғаны.

Мүрәжат ушын телефон:
📞 +998993850505
📞 +998993850505

▪️ СОРАЎЛАР БОЛСА
+998993850505


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
"Азарт ақыбети"

"Қарақалпақфильм" киностудиясы ҳәм "Tolegenov production" студиясы менен биргеликте "Азарт ақыбети" фильми сүўретке алынған еди. Фильм мазмуны бүгинги күнде жәмийетимизде жаслар арасында жүз берип атырған актуал темаға тийкарланған.

😎 Қарақалпақ LIVE ең оператив ҳәм исенимли жаңалықлар каналы!


Енди Қытайға да автобуста барыў мүмкин болады

Өзбекстаннан Қытай, Россия ҳәм қоңсы мәмлекетлерге автобус қатнаўлары жолға қойылады. Транспорт министрлиги жолаўшы тасыў тараўында жумыс алып барып атырған тасыўшыларды Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Россия ҳәм Қытайға автобус қатнаўларын шөлкемлестириўде бирге ислесиўге шақырды.

😎 Қарақалпақ LIVE ең оператив ҳәм исенимли жаңалықлар каналы!


Ассалаўма алейкум Қарақалпақ халқы!

11-12  январь күнлери
Санкт-Петербургтан Вертебролог врач келеди
✅Бас аўырыў
✅Давление
✅Мигрень
✅Белдеги грижа
✅Сколиоз
✅Остеохондроз
✅Протрузия ҳәм аяқ аўврыўларын емлейди.

Көриниў 120 000 сум
Емлениў 2 500 000 сум

+998999797788

Усы номерге қоңыраў етип наўбетке жазылып қойсаңыз болады


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
❓Энергетик ишимликлердиң унамсыз ақыбетлери ҳаққында хабардарсыз ба?

Видеодан толық билип алың!

😎 Қарақалпақ LIVE ең оператив ҳәм исенимли жаңалықлар каналы!


❗️ Сырт елде ислемекшы болған пуқаралар дыққатына

Қарызлар төленбегени, алимент ямаса басқа себеплер ушын сырт елге шығыўға тыйым қойылған болыўы мүмкин.

➖ Буны әлбетте тийисли аймақтағы бюроларынан ямаса интернетдеги www.mib.uz сайты арқалы тексерип көриў зәрүр.

Қарызыңыз бар болған жағдайда мәмлекет шегарасынан қайтарылып жиберилесиз.

Тийкар: Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы, Ишки ислер министрлиги ҳәм Мәмлекет қаўипсизлик хызметиниң 2019-жыл 23-октябрьдеги 52, 82, 27-сан қарары менен тастыйықланған нызам.

😎 Қарақалпақ LIVE ең оператив ҳәм исенимли жаңалықлар каналы!


Жас гандболшыларымыз чемпион болды

Ҳиндстанның Лакхнау қаласында гандбол бойынша жас өспиримлер ҳәм жаслар арасында Халықаралық гандбол федерациясы кубогиниң Азия континенти басқышы өз жуўмағына жетти.

Бул жарыста Өзбекстан U-18 ҳәм U-20 сайланды командалары да табыслы қатнасып, финал беллесиўлеринде жас өспиримлеримиз Ҳиндстан сайланды командасын 47:23, U-20 командамыз Қазақстан сайланды командасын 38:18 есабында жеңип шығыўға еристи.

Чемпион командалар қурамында қарақалпақстанлы Баймурат Рейпназаров, Шахзад Шерниязов ҳәм Рахат Жолдасбаевлар қатнасып, сайланды команданың жеңисине өзлериниң салмақлы үлеслерин қосты.

😎 Қарақалпақ LIVE ең оператив ҳәм исенимли жаңалықлар каналы!


😌😋😚😉😍😋

Банклерден кредит ала алмай атырған болсаңыз, кредит историяңыз жаман болса:

▪️ ▪️ ▪️ ▪️ ▪️ ▪️ 💳 ▪️ 💳

🔴 UZUM NASIYA
🔴 ALIF NASIYA
🔴 ANORBANK MUDDATLI TO'LOV
🔴 OPEN CARD
🔴 CHAKANA
🔴 ZOODMALL
🔴 INTEND
🔴 PAYME NASIYA
🔴 VARIANT

🚩 Егерде сизге усы платформалар арқалы сизге лимит берилсе кредит есабында шығарып беремен.

Ўақтында төлесеңиз болғаны.

Мүрәжат ушын телефон:
📞 +998772691787
📞 +998772691787

▪️ СОРАЎЛАР БОЛСА
+998772691787


❗️Қоңыраўға жуўап бердим ҳәм пулларымды жоғалттым: Өзбекстан үлкен СПАМ ҳүжимге ушырамақта

+998 78 ХХХ 21 21 сыяқлы номерлер қәўипли болыўы мүмкин, көп жағдайларда бундай номерлер артында алдаўшылар отырады. Усы сыяқлы номерлерден қоңыраў келсе жуўап қайтармаў усыныс етиледи.

Егер сиз телефонды көтерген болсаңыз, бирақ қоңыраўдың арғы тәрепинде тым-тырылық болса, онда ким ҳәм не ушын телефон етип атырғанын анықлаўға ҳәрекет етпей, сөйлесиўди дәрҳал жуўмақлаң.

😎 Қарақалпақ LIVE ең оператив ҳәм исенимли жаңалықлар каналы!


«Ески долларды алмаймыз» деп айтып атырғанлар дыққатына!

Егер ески доллар алыўдан бас тартылса усы (71 200-00-44) номерлерге телефон етип арз етиң

Өзбекстан Республикасы Орайлық банки ҳəзирги күнде мəмлекетимиз аймағында ески үлгиндеги 100 АҚШ доллары номиналындағы (2009 жылға шекем эмиссия етилген) банкнотларды банклер тəрепинен сатыў ҳəм сатып алыў менен байланыслы əмелиятлар ҳеш қандай мəселелерсиз əмелге асырылып атырғанлығын хабар береди.

Соның менен бирге, қандайда-бир мəмлекет есап-китапларында ески үлгиндеги 100 АҚШ доллары номиналындағы банкнотларның нызамлы төлеў қуралы ретиндеги қәдири өзгермеген.

☝️Егер коммерция банклериниң валюта айырбаслаў шақапшалары тəрепинен ески үлгиндеги 100 АҚШ доллары номиналындағы банкнотларды қабыллаўда қыйыншылықларға дус келсеңиз, Орайлық банктиң «Исеним телефоны» (71 200-00-44) ямаса аймақлық басқармаларға шағым етиўиңиз мүмкин



😎 Қарақалпақ LIVE ең оператив ҳәм исенимли жаңалықлар каналы!


Жәмийетлик орынларда темеки шексеңиз, жәрийма төлейсиз

Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 561-статьясына бола, жумыс орынларында, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, спорт-саламатластырыў мәкемелеринде, өрт шығыў қәўпи болған орынларда, соның ишинде, автомобиллерге жанылғы қуйыў шақапшаларында ҳәм басқа жәмийетлик орынларда темеки өнимлерин шегиў (шегиў ушын арнаўлы ажыратылған жерлер яки ханалар оннан тыс) – базалық есаплаў муғдарының үштен бир бөлеги муғдарында жәриймаға тартыўға себеп болады.

😎 Қарақалпақ LIVE ең оператив ҳәм исенимли жаңалықлар каналы!


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
Tuwilgan kun
Sunnet toy
Godik
Raddomnan shigariw
Merry my
Ashiliw kesheleri
Gender party siyaqli quwanishli kuninizde Guliy_dekor_shariki xizmetinizde.
Qolayli baha siz qalegen dizayn.
(90) 653 37 46

Instagram Telegram

Реклама

20 last posts shown.