ⲠⲨⲢⲤⲀⲦ || Ⳝⲁⳅⲁⲣⳝⲁύ Ⲯⲟⲗⲇⲁⲥⳝⲁⲉⲃ


Channel's geo and language: Uzbekistan, Uzbek
Category: Telegram


﷽Aใhล๓dนใเใใลh﷽
Өⳅυңⲇυ ⲁңⲗⲁў — әⲗⲉⲙⲇυ ⲁңⲗⲁўⲇың ⳝυⲣυⲏⲱυ ⳝⲁⲥқыⲱы!
Әⲗⲉⲙⲇυ ⲁңⲗⲁў — υⲗυⲙ!
Ⳙⲗυⲙⲇυ ⲁңⲗⲁў — Ⲧәңⲣυⲏυ ⲁңⲗⲁўғⲁ ⲯⲉⲧⲉⲕⲗⲉύⲇυ!
Ⲧәңⲣυ — ⲭәⲣⳝυⲣ υⲏⲥⲁⲏⲏың өⳅυⲏⲇⲉ, ⲕⲉўυⲗυⲏⲇⲉ!
Әⲇⲉⳝυяⲧ — ⲁңⲗⲁўⲇың ⲭәⲙ ⲁңⲗⲁⲧыўⲇың қⲩⲣⲁⲗы!

Related channels

Channel's geo and language
Uzbekistan, Uzbek
Category
Telegram
Statistics
Posts filter


Forward from: Жас дөретиўшилер
Ассалаўма әлейкум, әдебиятсүйер қәўим!

Мине 2023-жыл жуўмақланыўына да санаўлы күнлер қалды. Усы мүнәсибет пенен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Университет пидайысы»н анықлаў бойынша таңлаў өткерилмекте. Усы таңлаўда Наўайы атындағы мәмлекетлик стипендия ийеси, жас шайыр, достымыз Гөззал Жумамуратова «Медиа ҳәм журналистика тараўындағы жылдың ең белсенди студенти» номинациясына талабан сыпатында киргизилген.

😊 Биз сизден Гөззал Жумамуратоваға даўыс бериўиңизди соранамыз!

Даўыс бериў шәртлери оғада әпиўайы:

1) @universitet_pidayisi_bot мәнзилине кирип СТАРТ түймесин басасыз;
2) Көрсетилген үш каналға ағза болып, ТЕКСЕРИЎ түймесин басасыз;
3) «Медиа ҳәм журналистика тараўындағы жылдың ең белсенди студенти» бөлимине (изден баслап санағанда екинши) киресиз;
4) ҳәм Жумамуратова Гөззал Калмурат қызы түймесин басасыз.

Постымызды итибарсыз қалдырмайсыз деген үлкен үмит пенен «Жас дөретиўшилер»!

Алдын ала РАХМЕТ!


Video is unavailable for watching
Show in Telegram


* * *

Ол жерлер алыслық етеди маған,
Жүрип жетиў қыйын жалыз өзиме.
Қайғырма оған,
Қапа болып жүрме сөзиме.
Тәғдирдиң қайсыдур ой-қырларында,
Бизлердиң сағыныш уўылып кетер.
Мен жүрген шәҳәрдиң жамғырларында,
Сениң сезимлериң жуўылып кетер.
Енди жарқын емес ышқы жулдызы,
Оның ҳәўири де суўынып кетер.
Мени ойламасаң, сени көрмесем,
Қызғаныш қыялы туўылып кетер.
Тәғдирдиң талқысын тыныш қой енди,
Сонша дәлиллестик, ал енди жетер.
Шеги жоқ даў-жәнжел бизге не берди,
Соңра сыйласықты суўырып кетер?
Шығарға жол таппай сабылғаныңда
Адамға алағат түрли ой келер.
Мен жүрген шәҳәрдиң жамғырларында,
Сениң сезимлериң жуўылып кетер.

(егер қалған болса...)


Базарбай Жолдасбаев

п/с: сүўретте: Қарақалпақстан халық шайыры Нәбийра Төрешова бир қатар әмелиятшылар менен. "Әмиўдәрья" журналы, 2019-ж.

пурсат 🧤 пурсат


* * *

Кеттим...
Даланда тоқтады самал,
Аспанда қалыңлап баратыр булт.
Неге сөйлемейсең — турыпсаң ар-сар,
Бақырғың келсе де қаласаң тынып.
Қәдирлим, изимнен хошласыўға шық,
Қара мен кетиўге басарман адым!
Бурылып жылайман — көзлерим қурғақ,
Теректей ийилип баратыр қәддим.
Сарғайған жапырақлар төгилер жүрсем,
Бул ҳалға дүнья да көнлигип болған.
Сәл-пәл самалдан да қорқаман, билсем,
Сәл-пәл самаллар да қорқытып қойған.


п/с: сүўреттегилердиң бәри әжәйип инсанлар!

пурсат 🧤 пурсат


***

Жақынрақ тартады жанарды жақты --
Сер салсаң ҳәр демде бир жулдыз ақты.
Қайда қонғанлығын келер көргимиз,
Нәзерим шалғанда көкте аппақты.
Жулдыздың жарығын көрген көзимиз,
Аспанның қарасын аңламай қапты.


Базарбай ЖОЛДАСБАЕВ


* * *

Жүдә қаталласып баратыр Ўақыт
Мени мезгилимнен бурын тергеди.
Самалдың көксине орденин тағып ---
Музлардың бетине атын мөрледи.
Ең соңғы жалынды Ақырет берер.
Есилип кетпекши ең соңғы самал,
Өзиниң шамасын Жүрегим билер ---
Ең соңғы тынысын қай таңда алар.
Қашан жазылады ең соңғы қосық,
Мен қашан жасайман -- адамдай болып!

Әлемниң ең соңғы ҳүкимдарындай,
Жүдә қаталласып баратыр Ўақыт.


Базарбай ЖОЛДАСБАЕВ
02.02.2022-жыл


Айтжановтай арқалы, абзал достым ийинлесимди туўылған күни менен қутлықлайман!
Дөретиўшилигиң берекетли болсын!

Базарбай Жолдасбаев

пурсат


ҚЫЯМЕТ

Көзлерим көрмейди шашыңның ийисин,
Қулақ еситпейди келбетиң көркин,
Жүзим енди кимниң еринин сүйсин,
Тил жүрип шаршайды, билемен, бир күн.

Миссиясы алмасып кеткен мүшелер,
Усындай өмирден шаршайсаң сен де.
Енди ҳаялласып баратыр ерлер,
(Марҳумды қатынлар қояды жерге)!


Базарбай ЖОЛДАСБАЕВ
2023/01/26

пурсат 🧤 пурсат


Габриэль Гарсиа Маркестиң Оқыўшыларына соңғы хатынан:

* * *
Бир адам басқасына жоқарыдан турып қараўға тек оған орнынан турыўға жәрдем берип атырған ҳалатта ғана ҳақы бар екенлигин түсинип алдым.

* * *
Егер Қудай маған бираз ғана өмир бергенинде, мен көп итимал менен ойлағанларымның бәрин айтыўдан гөре, бәлким, не затлар сөйлеп атырғаным ҳаққында көплеў пикирлеген болар едим.

@Joldasbaev_Bazarbay


ТАҢҒЫ ОЙЛАР

Жерге жақынласты аспанның өзи,
Таўлар ийилиўи мүмкин еле де.
Жамғырлар сел болды, не болыр изи,
Көлге қуйылыўы мүмкин еле де,
Шөллер жуўылыўы мүмкин еле де.

Пәнжеси тиймеген адамийзаттың,
Туўылған жер десе, зер етип саттың.
Сиз ҳәм биз жасаған мына топырақтың,
Аман қалыўы да мүшкил еле де,
Тамам болыўы да мүмкин еле де.

Сәнемлер алдады сазлары менен,
Шәменниң зарлады ғазлары терең.
Тырналар баратыр ўаз-ўазлар гилең,
Қус тилин түсиниў мүмкин еле де,
Қыз тили тилсими мүшкил еле де.

Биз айтқан намалы қосықлар жалған,
Жалған намаларды өзимиз шалған.
Соңында ҳешбири уйқасбай қалған,
Енди үйлесиўи мүмкин еле де,
Елди бийлесиўи мүмкин еле де.

Әй, мениң ең абзал жора-жолдасым,
Шаўып баратырсыз турмыс жорғасын.
Бундайда ким-кимди демеп қолласын,
Алланың қоллаўы мүмкин еле де,
Бендесин қорғаўы мүмкин еле де.

Сәўлеси сөнген соң туўылған айдың,
Қуяш жақтыртады қуўысын жайдың.
Ишин нурландырған кеўил сарайдың.
Сәўлеси сөниўи мүмкин еле де,
Бәлким, сөнбеўи де мүмкин еле де.

Базарбай Жолдасбаев
28-қаўыс


Forward from: Kegeyli qánigelestirilgen mektebi
Video is unavailable for watching
Show in Telegram
...qaǵaz ...májilis. Barlıq jer «sıya dawı»!
Nadurıs —
uqsaslıqtıń sananı uyalawı.
Hámmeniń birdey etip oylaǵanı —
...heshkimniń heshnárseni oylamawı!

Bazarbay Joldasbaev


telegram 📚 you tube 📚
instagram 📚 facebook 📚


Forward from: Kegeyli qánigelestirilgen mektebi
🧤 #Hápteliktiń_birinshi_kúni
🧤
#Bir_gezleri_Berdaq_júrgen_jerlerde

BERDAQ TULǴASÍ

(Berdaq babamızdıń 190 jıllıǵına)

Áwladlar tilinde tirilgen tulǵa,
Máńgilik insanǵa aynaldı búgin.
Hárbir qosıǵında jetkerer bizge,
Xalqımnıń ásirlik mıń batpan júgin.

Dáwirler zuwlatıp óter jorǵasın,
Súrgin sınaq el basına qonbasın.
Búgingi ǵárezsiz eldiń ulların,
Berdaq babam ruwxları qollasın!

Xanlar zulım saldı, xalqım shırladı,
Bay gedeydi tıńlamadı, qıynadı.
Jılaǵandı jubatayın dep sonda,
Shayır eldiń qayǵı-muńın jırladı.

Sózlerinen nurlar shashtı zer etip,
Miynet etti aq mańlayın terletip,
Ǵarǵabaydıń ulı berdaq shayır dep,
Basıp ketti tariyxlarǵa mór etip.

Jaqsılardan tek jaqsılıq taraydı,
Móldirep aǵatuǵın saǵalarım bar,
"Jáhán maǵan háwes etip qaraydı",
Sebebi, Berdaqtay danalarım bar.

Elim danalardı húrmetke bóler,
Shayırdı urpaqqa qosıq jetkerer.
Siz hám biz bolmaspız ol gezde, bálkim,
Biraq, Berdaq ómirbaqıylıq eter!

Bazarbay Joldasbaev
2017-jıl


telegram 📚 you tube 📚
instagram 📚 facebook 📚


Кеше ақшам бир сақый қыз:
"Дүнья әлўан гүл...- деди. -
Қуяш батып, шықса жулдыз,
Тикенлисин жул ..." - деди.

"Бизиң үйде шийе бағ бар,
барыўға жоқ жол", - деди. -
Қыздың жолы қылдан да тар -
бағқа уры бол," - деди.

Сыңқ-сыңқ күлди: "Мен бир гүлмен.
Бағды қыйнар шөл...- деди.-
Қорқсаң уры болыўдан сен,
жигит болмай өл..." - деди.

Бахтыяр ГЕНЖЕМУРАТОВ

пурсат 🕊 пурсат


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
пурсат 🕊 пурсат


Уллы адамлар қай заманда-ҳәм тар заманға сыймаған,
Тар заманға сыймағанды кең заманлар сыйлаған!

Шаўдырбай Сейитов

Канал: 👉
@Shawdirbay_Seyitov
@seyitov_
shawdirbay_topar


Сағыныш руўхың бара алған жерге, денеңниң бара алмаўы.

Феодор Достоевский

пурсат 🕊 пурсат


Forward from: "Sheginis"
Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги VII том болып баспадан шықты. Бул томлықта Қарақалпақ халқының фольклорлық мийрасынан үлгилер, жыраўлардың термелери, әдебияттың қәлиплесиўи менен бугинги кунге шекемги барлық дөретпелерден мысаллар алынып VII томлыққа жыйналған.

Ең қуўанышлысы II, III томға Жас дөретиўшилердиң (Б.Сарыбаев, Н.Жангелдиев, Н.Караматдинова, Б.Жолдасбаев, М. Оразбаева, A.Қойлыбаев, А.Дәрменов, М.Қартбаева, Б.Қыдырныязов, С.Айтмуратова, А.Смайлов, Г.Айтмуратова ) дөретпелери мысал ретинде берилипти. Солардың қатарында өзимниң де қосық қатарларым бар екен.
Қандай бахыт...
Усы сөзликти дүзиўшилерден бири Э.Оразымбетоваға айрықша миннетдаршылық билдиремен.
Оған тийисли бөлим толығы менен жаслар поэзиясына, айрықша Қарақалпақ айтыс каналындағы айтыскерлердиң дөретиўшилигине арналған .
Сөзликти дүзиўде қатнасқан редколлегия ағзаларына, дүзиўшилерге мың алғыс.
Бул сөзлик Қарақалпақ тил билимине, Қарақалпақ әдебияты ушын, Қарақалпақ халқы ушын өлмес мийрас болары анық.

@sheginisten


Көклерде көк кептер қустаймыз, жаным,
Қайғырма кел кеўил хошлаймыз, жаным.
Мениң танысым жоқ арғы дүньяда,
Бәрибир бейиште ушпаймыз, жаным.

Муҳаммед Юсуф

пурсат 🕊 пурсат


Forward from: Жас дөретиўшилер
Сүйилген адам да қалмайды инсап,
Қәдири болмайды сүйген адамның.


Базарбай ЖОЛДАСБАЕВ
пурсат 🕊 пурсат


Жаңа толқын, жаңа әдебият:
Ағза болың👉@QRJas_doretiwshiler

876 0 11 2 21

Forward from: Жас дөретиўшилер
Сөз

Сөзлер мына тозған әлемнен уллы!
Сөзлер өзин жазған қәлемнен уллы!
Сөздиң қуны аўыр, сезиналсаң, дәрт,
Сондай бир сыйлы дәрт, мың емнен уллы.

Түсинсең "Сөз пайда болған әўеле",
Ҳәмде сол сөзлер бизлерге жаў еле...
"Қәлемлер үзилген, сыялар кепкен",
Жазмыштан озбайсаң болма әўере!

Жалғанларға бир өмир тоңды жаның..,
Ҳақ сөз айтып төгилсин соңғы қаның!!!
Сен де жалған дүньяға жалған қоспа!
(Тилден екен тоғызы он гүнәның)

Сөзлер мени я қыс, я жаз қылады,
Еки әлем сөз бенен қозғалады.
Мен сөзлердиң алдында баратырман,
Қалса мениң артымда сөз қалады.

Исмайылов Абдирашид
Жазылған сәне:19.VIII.2023

Сүўретте шептен оңға Базарбай Жолдасбаев, Мейрамбек Абдиқалиев, мен ҳәм Атағулла Сатбаевлар.

@Poeziya_Abdirashit

https://t.me/QRjas_doretiwshiler

20 last posts shown.

293

subscribers
Channel statistics