⚡️
1-апрелден баслап Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги ҳәм район (қала) бөлимлери хызметкерлерине қосымша үстемелер төленеди💰
Президенттиң 19.03.2025-жылдағы ПП-51-санлы Пәрманына тийкар,
2025-жыл 1-апрелден баслап
Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы басқармалары ҳәм де
район (қала) мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимлериниң хызметкерлерине көп жыллық хызмети ушын лаўазым айлығына белгиленген коэффициентлерде төмендеги муғдарларда
ҳәр айлық үстемелер төленеди:
🔸Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги хызметкерлерине:➖1 жылдан 3 жылға шекем – 0,3;
➖3 жылдан 5 жылға шекем – 0,6;
➖5 жылдан 10 жылға шекем – 0,8;
➖10 жылдан 15 жылға шекем – 1;
➖15 жылдан 20 жылға шекем – 1,2;
➖20 жылдан жоқары – 1,5.
🔹район (қала) мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимлериниң хызметкерлерине:➖1 жылдан 3 жылға шекем – 0,15;
➖3 жылдан 5 жылға шекем – 0,3;
➖5 жылдан 10 жылға шекем – 0,45;
➖10 жылдан 15 жылға шекем – 0,6;
➖15 жылдан 20 жылға шекем – 0,75;
➖20 жылдан жоқары – 1.
✅ Сондай-ақ,
Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы басқармалары ҳәм
де район (қала) мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимлериниң хызметкерлерине
(методистлерден тысқары), Президенттиң 09.01.2017-жылдағы ПҚ-2722-санлы қарарының 1-бәнти екинши абзацындағы ҳәр айлық үстемелер де төленетуғын болды.🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.👉 @XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!