#ҳәдис #тәрбия
ҲАДАЛ ЫРЫСҚЫ ТАБЫЎ ҲАҚҚЫНДА
Ҳадал ырысқы жолында қылынған ҳәрекетлер ушын үлкен саўаплар ўәде етилген болып, ҳәттеки бул нәрсе парыз дәрежесине көтерилген. Бул ҳаққында Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам өзиниң ҳәдислериниң биринде айтады:
“Ҳадал кәсип қылыў (мийнет етиў) парыздан кейинги парыз” (Имам Байҳақий рәўияты).
Уламалар бул ҳәдистеги “парыздан кейинги парыз” деген сөзин түсиндирип айтады: “Бул парыздан кейинги парыз дегени, ҳәр бир мусылман ушын парыз болған намаз, ораза, ҳаж ҳәм закат сыяқлы парызлардан кейинги мәртебеде туратуғын парыз”, деген. Халқымызда бир түсиник бар, динниң парызлары дегенде намаз, ораза, закат, ҳаж киби ислерди түсинеди. Бирақ билип алыўымыз керек, динде парызлар жүдә көп. Мине ҳадал мийнет етиў де дин парызларынан бирии екенин билип алдық.
Имам Муҳаммад аш-Шайбаний: “Илим талап етиў қандай парыз болса, ҳадал кәсип қылыў да тап сондай парыз”, – деген.
Мөмин адам ҳадал ырысқы табыў ҳәрекетинде болған ўақытта, Аллаҳ тааланың буйрығына әмел етиў менен бирге Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳиссаламның көрсетпелерине де тийкарланып ис алып барып атырған болып есапланады. Себеби, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады:
«Адам өз қол мийнети менен таўғанынан көре жақсырақ ҳәм пәкизерек тағам жемейди», деген (Имам Ибн Мәжа рәўияты).
🙂🙂🙂🙂🙂🙂 🙂🙂🙂🙂🙂🙂
⬅️Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz