#мағлыўмат
«БАРААТ ТҮНИ» ҚАНДАЙ ТҮН?
Шаъбан айының пазыйлетлеринен бири, бул айда Бараат түни яғный дозақтан қутылыў түниниң бар екенинде. Бул Шаъбан айының он төртинен он бесине өтер түнине туўра.
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан ҳакыйқатында да бул түнниң пазыйлетли екенин соның менен бирге бул түнде Аллаҳ тааланың жер бетине мийрими түсиўи ҳаққындағы ҳәдислер келген. Олардан:
Айша разыяллаҳу анҳадан рәўият қылынады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам бир күни түнде намаздың сәждесинде узақ қалып кетти. Узақ болғаны соншелли, ҳәттеки мен жаны үзилдиме екен деп ойлап қорқып кеттим. Усыны ойлаў менен орнымнан турдым да Пайғамбарымыз алайҳиссаламның бас бармағын услап көрдим. Бармағы қыймылдағаннан кейин орныма қайттым. Соннан кейин мен Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның сәжде қылып турып былай дегенин еситтим: «Я Рәббим, Сениң азабыңнан мийримиңди үмит етемен. Мен Сеннен пана тилеймен. Сени Сен ылайық болатуғын дәрежеде мақтай алмайман. Сен Өзиңди сыпатлағандайсаң» Усыннан кейин ол басын сәждеден көтерип, намазын тамамлады. Және маған қарап былай деди: «Ҳәй Айша, Пайғамбар сени таслап кетти деп ойладың ба?» Мен оған: «Яқ, ҳәй Расулуллаҳ, мен тек ғана жаныңызды бул өмирден алып кеттимекен деп қорықтым, себеби сәждеңиз жүдә узын болды». Кейин Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Бул түнниң қандай түн екенин билесең бе?», – деп сорады. Мен: «Аллаҳ ҳәм Оның Расули билиўширек!» дедим. «Бул Шаъбан айының ярымы толған түн. Бул түнде Аллаҳ таала бенделерине мийримин жаўдырып, мағфират тилегенлерди мағфират қылады, кеңшилик сорағанларға Өзиниң кеңшилигин жаўдыратуғын түн. Бирақ, кеўлинде мусылманларға кеги бар адамларды қалай болса солай қалдырады».
Басқа ҳәдисте Айша анамыз разыяллаҳу анҳа айтты: «Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Аллаҳ субҳанаҳу ўа таала Шаъбан айының ярымы болғанда Кәлб қәўиминиң қойларының жүнлеринен де көбирек адамларды кеширеди».
Кәлб қәўими қойларының көплиги менен танылған қәўим еди. Сонлықтан да ҳәдисте усы түни көплеген адамлардың Аллаҳтың мағфиратына ҳәм мийримине ерисиўи айтылған.
Және бир ҳәдисте Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады: «Бул түн Шаъбан айының ортасы. Аллаҳ таала Кәлб қәўиминиң қойларының жүнлеринен де көбирек адамларды дозақтан шығарады. Бирақ, Аллаҳға шерик қылғанға ҳәм мусылман бирадарына жүрегинде кек сақлаған адамға, және ағайиншилик қарым-қатнасты үзиўши менен тәкаббырлыққа берилип, балағын жерге сүйретип жүрген адамға, және ата-анасына ақ болыўшы ҳәм хамр (мәс қылыўшы ишимлик) ишетуғын адамға қарамайды».
Муаз ибн Жабал разыяллаҳу анҳу Пайғабарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның мынандай дегенин айтты: «Аллаҳ таала Шаъбан айының он бесинши болған күни бенделерине раҳметин жаўдырады да ҳәммесиниң гүнасын кеширеди. Тек ғана Өзине шерик қылғанды ҳәм кеўлинде мусылманларға кек сақлап жүрген адамлардан басқа.
https://t.me/niyetuz