NIYET.UZ | Рәсмий канал


Channel's geo and language: Uzbekistan, Uzbek
Category: Religion


Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.

Related channels  |  Similar channels

Channel's geo and language
Uzbekistan, Uzbek
Category
Religion
Statistics
Posts filter


#ҳәдис

Жума - гүналарға мағфират

     Салман Фарсий разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
     «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ким жума күни ғусыл қылып, иләжи барынша пәкленип, үйиндеги хош ийисли әтирлерди сеўип, соң шықса, еки адамның ортасын бөлмей (орын таўып) өзине жүкленген намазды оқыса ҳәм имам сөйлегенинде тыныш турып, еситсе, әлбетте, бул (жума) менен оннан алдынғы жума арасындағы нәрсеге каффарат болады», деди.

     Анас ибн Малик разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
     Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
     «Аллаҳ таала жума күнинде ҳеш бир мусылманның гүнасын кеширмей қоймайды», деди.

Имам Табараний рәўияты.

✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube


#жума

ЖУМАҒА ПИЯДА БАРЫЎДЫҢ ПАЗЫЙЛЕТИ❗️❗️❗️

Имран ибн Ҳусайн разыяллаҳу анҳумадан рәўият қылынады:

«Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ким жума күни ғусыл қылса, оның гүна ҳәм қәтелери кешириледи. Намазға жүре басласа, ҳәр бир адымына жигирма (20) жақсылық, саўап бериледи. Намазды оқып киятырған ўақтында еки жүз (200) жыллық әмеллер саўабы менен сыйлықланады», – деди».

Табараний рәўият қилған.

✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉 Telegram| Instagram| Facebook| YouTube


#сүннет_жума

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:

"Қуяш шыққан күнлердиң ең жақсысы жума күни", деди.
(Муслим рәўияты).

Жума сүннетлери:

🔸Ғусыл қылыў;
🔸Мисўак ҳәм әтирден; пайдаланыў;
🔸Шырайлы кийим кийиў;
🔸Мешитке ерте барыў;
🔸Көп салаўат айтыў;
🔸Каҳф сүресин оқыў;
🔸Хутбаны тыныш отырып еситиў;
🔸Мешитке пияда барыў;
🔸Дуўалар қылыў, Қуран тиләўәт етиў.

     Жума күниниң сүннетлерине әмел етейик! Ҳәр бир сүннет әмел ушын көплеген саўапларға ийе боламыз.

Жума күниңиз мүбәрек болсын!

✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube


#Рамазан #жума

РАМАЗАННЫҢ БИРИНШИ ЖУМАСЫ МҮБӘРЕК БОЛСЫН!

ПАЗЫЙЛЕТЛИ КҮННИҢ ШАРАПАТЫ МЕНЕН АЛЛАҲ ТААЛА БӘРШЕ ЖАҚСЫ ӘМЕЛЛЕРИМИЗДИ ҚАБЫЛ ҚЫЛСЫН, ҚӘЛБЛЕРИМИЗДИ ИЙМАНҒА ТОЛТЫРСЫН, ГҮНАЛАРҒА ҚАРСЫ ТУРА АЛАТУҒЫН КҮШ-ҚУЎАТ БЕРСИН, ЕКИ ДҮНЬЯ БАХТЫНА ЕРИСТИРСИН!!!

КҮНИҢИЗ МАЗМУНЛЫ ҲӘМ БЕРЕКЕТЛИ ӨТСИН. ЖУМА КҮНИҢИЗ МҮБӘРЕК БОЛСЫН ҚӘДИРДАНЛАР!

✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube


#рамазан #қайырлы_таң

🌙🍀АССАЛАМУ АЛАЙКУМ!🍀🌙 РАМАЗАННЫҢ 7-КҮНИ МҮБӘРЕК БОЛСЫН!!!

🤲 Рамазан айында ҳәр бир жақсы ислериңизде Аллаҳ жәрдемши болсын!

🌟🌙 Қәлбте ийман, тилде болсын зикир салаўат.
🌟🌙 Ибадатлар гүналарға болсын каффарат.
🌟🌙 Ҳажға барып Байтуллаҳты қылың зыярат.
🌟🌙 Баратуғын мәнзилиңиз болсын Фирдаўс Жәннет.
🌟🌙 Дуўада, сиз ушын қәлбим ҳәр саат.
🌟🌙 Дуўларым Аллаҳ таала қылсын ижабат.
🌟🌙 Шаңарағыңызды тәрк етпесин файыз-берекет!

🌙 🌹🥀 РАМАЗАННЫҢ ЖӘНЕ БИР ТАҢЫ МҮБӘРЕК БОЛСЫН!!!

✨✨✨
✨✨✨✨✨✨✨

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube


#таңғы_тилек

Ассаламу алайкум ўә раҳматуллаҳи ўә бәракатуҳ!

🔆 Және бир таң мүбәрек болсын!

⏳ Бүгин ҳәптениң жума күни

7-Март                             2025
   7-Рамазан            1446

Шаңарағыңыздан тынышлық, қәлбиңизден үмит, әмеллериңизден жақсылық, жүзиңизден күлки кетпесин! Әмийн!


•┈⊰✿🍃🌺🍃✿⊱┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube


#зикир

ЖУМА ТАҢЫНДА

Анас разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Ким жума күни таң намазынан алдын:
"Әстағфируллоҳ әлләзий ләә иләәҳә иллә ҳуўәл ҳаййул қоййум ўә әтуўбу иләйҳ",
деп үш мәрте айтса, Аллаҳ таала оның гүналарын теңиз көбигиндей көп болса да, кеширип жибереди", деди.

Мәниси: Ҳай (тири) ҳәм қоййум (ҳәмийше бар) болған Заттан басқа иләҳ жоқ ҳәм Оған истиғфар айтаман, Оған тәўбе қыламан).

Ибн Сунний рәўияты

✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube


#namaz_waqıtları

⏰Нөкис қаласы ўақты менен
7-Март күнги намаз ўақытлары

📌«САЛМЕН ИЙШАН» ЖАМЕ МЕШИТИНДЕ ЖӘМӘӘТ НАМАЗЫ ЎАҚТЫ: 

⏰  ТАҢ — 06:45
⏰ ПЕСИН — 13:30
⏰  НАМАЗЛЫГЕР — 17:20
⏰  ШАМ — 19:03
⏰  ҚУПТАН — 21:10

Нәпил намазлары мустаҳаб болған ең абзал ўақытлары бойынша, Нөкис қаласы ўақты менен

🕕 Таҳажжуд — 05:10
🕙 Зуҳа (сәске) — 10:00
🕠 Әўўәбийн — 19:15

•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
#дуўа

     ЖАЎЫН ЖАЎЫП ТУРҒАНДА АЙТЫЛАТУҒЫН ДУЎА

     Айша разыяллаҳу анҳадан рәўият етиледи: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «...егер жаўын жаўса: «Аллооҳуммә соййибән нәәфиъан» дейтуғын еди.

     Мәниси: «Аллаҳым пайдалы жаўын қыл».

      Әзизлер, жаўын жаўып турған ўақыт Аллаҳ тааланың мийрим есиклери ашылып турған ҳәм дуўалар қабыл болатуғын ўақыт. Солай екен, Ўатанымыз, халқымыз, шаңарағымыз ҳәм өзлеримиз ушын жақсы дуўалар қылып алайық.

•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube


#рамазан_2025 #ораза #аўыз_жабыў_дуўасы
#Нөкис_ўақты_менен

АЎЫЗ ЖАБЫЎ ДУЎАСЫ

Нәўәйту ән әсуўмә соўмә шәҳри ромәдоонә минәл фәжри иләл мәғриби, холисол лилләәҳи таъааләә Аллооҳу Әкбар.


Мәниси: Рамазан айының бүгинги оразасын таң атқаннан қуяш батқанша тутыўды нийет еттим. Қалыс Аллаҳ ушын, Аллаҳ Уллы.

✨✨✨
✨✨✨✨✨✨✨

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube


#жума #салаўат

САЛАЎАТ АЙТЫҢ!

✨ Пийшемби күниниң шам ўақтынан баслап жума күниниң шам ўақтына шекем болған ўақыттың ҳәр бир секунды сол дәрежеде көп жақсылықлар ғәзийнесине толтырылған, олардың қанша екенин тек ғана Аллаҳтың өзи биледи. Әне сол имканяттан үнемли пайдаланып Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламға көп – көп салаўат айтайық!

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам:
"Маған жума күни көп салаўат айтың. Себеби маған ҳәр жума үмметимниң маған айтқан салаўатлары көрсетиледи. Ким маған көп салаўат айтқан болса, (қыяметте) маған ең жақынлардан болады", – деген.

Байҳақий рәўияты.

🌿Аллооҳуммә солли ўә сәллим ўә бәәрик ъаләә Муҳаммад ўә ъаләә әәлиҳи ўә асҳаабиҳи әжмаъийн!

🌿Аллооҳумма солли ъаләә сәййидинәә Муҳаммад!

✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube


#рамазан_2025 #ораза #аўыз_ашыў_дуўасы
#Нөкис_ўақты_менен

АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ

Аллооҳуммә ләкә сумту ўә бикә әмәнту ўә ъаләйкә тәўәккәлту ўә ъаләә ризқикә әфтарту, фәғфирлий зунуўбий мәә қоддәмту ўә мәә аххорту бироҳмәтикә я арҳамар рооҳимийн.

Мәниси:
Аллаҳым, усы оразамды Сен ушын туттым ҳәм Саған ийман келтирдим ҳәм Саған тәўекел қылдым ҳәм берген ырысқың менен аўыз аштым. Ҳәй, меҳрийбанлардың ең Меҳрийбаны, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды мағфират қыл.

✨✨✨
✨✨✨✨✨✨✨

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube


#ҳәдис

Ораза тутқан адамға жәннетте әжайып үй бериледи.
Әлий разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Жәннетте сыртынан иши, ишинен сырты көринетуғын ханалар бар», деди. Сахабалар: «ол ханалар кимлер ушын?», деп сорады. Расулуллаҳ салаллаҳу алайҳи ўа саллам:
«Жақсы сөз сөйлеген, аўқат берген, даўамлы ораза тутқан ҳәм түнлери адамлар уйқыда болғанда намаз оқығанлар ушын», деди».

Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
«Ким Рамазан айы кирип келиўинен қуўанса, Аллаҳ оның денесин дозаққа ҳарам қылып қояды», деди.

✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube


Forward from: AHLI SUNNA | Расмий канал
Video is unavailable for watching
Show in Telegram
ОТА-ОНАГА ЯХШИЛИК ҚИЛИШ

ЎЗБЕКИСТОН МУСУЛМОНЛАРИ ИДОРАСИ РАИСИ ЎРИНБОСАРИ УСТОЗ ЗАЙНИДДИН ДОМЛА

СУҲБАТНИ ТЎЛИҚ КЎРИШ УЧУН👇👇

https://youtu.be/SxrSA_XmA3c?si=GmA_orVFvqzzKcQG

Улашинг: @AhliSunnaValJamoaUz


#Рамазан

​​     РАМАЗАН - ТАҚЎА АЙЫ

     Белгили табеъин Ибраҳим Нахаъий раҳимаҳуллаҳ айтады:
"Рамазанда бир күн ораза тутыў басқа ўақыттағы мың күн ораза тутқаннан абзал.
Рамазанда бир тасбеҳ айтыў басқа күндеги мың тасбеҳтен абзал".
 
Ибн Ражабтың "Буғятул инсан фий ўазаифи Рамазан" китабынан.

     Рамазан тақўа айы. Бул айда қулқымызды тағы да жақсылап, ҳарам ҳәм гүманлардан ҳәр қашанғыдан да көбирек тыйылыўымыз зәрүр. Усындай теберик айда қыз-келиншеклеримизди миллийлигимизге жат болған ҳалатта кийинип жүриўден, еркеклеримизди намәҳрамларға көз тигиўден қайтарыўымыз зәрүр. Өйткени, ҳәдисте:
«Кеўилдиң тақўасы ҳарамға қарамаў», делинген.
     Рамазан ибадатларды көбейтиў, гүналарға мәғфират сораў, Қуран менен дос болыў, Аллаҳға бенделикти жоқары дәрежеге көтериў айы.
Солай болғаннан кейин, Рамазанды тақўа, ҳадаллық, ҳүсни-қулық ҳәм жақсылықлар айына айландырыў ҳәр бир мусылманның ўазыйпасы.

Шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуф раҳимаҳуллаҳ.

Тарқатың: http://t.me/niyetuz


Forward from: Paziyletuz | Рәсмий канал
Video is unavailable for watching
Show in Telegram
#рамазан_2025

Ысырапгершилик берекетти кетиреди

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz


#күн_ҳәдиси

КИМДЕ-КИМ ОРАЗА ТУТҚАННАН КЕЙИН БИЛИП ТУРЫП ЖЕП-ИШСЕ.

     Бул ҳаққында Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:     
     «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ким Рамазаннан бир күнди Аллаҳ берген руқсатсыз аўзы ашық ҳалда өткерип, заманның ҳәммесин ораза тутып өткерсе де оның қазасын орынлай алмайды», деди».
     Бул ҳәдистеги Аллаҳ берген руқсат булар - қартайғанлар, сапардағылар, наўқас адамлар, емизиўли ҳәм жүкли ҳаяллар, ҳайыз ҳәм нифас болған ҳаяллар. Демек, булардан басқа ҳеш ким Рамазанды оразасыз өткериўи мүмкин емес.

✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube


#рамазан #қайырлы_таң

🌙🍀АССАЛАМУ АЛАЙКУМ!🍀🌙 РАМАЗАННЫҢ 6-КҮНИ МҮБӘРЕК БОЛСЫН!!!

🤲 Рамазан айында ҳәр бир жақсы ислериңизде Аллаҳ жәрдемши болсын!

🌟🌙 Қәлбте ийман, тилде болсын зикир салаўат.
🌟🌙 Ибадатлар гүналарға болсын каффарат.
🌟🌙 Ҳажға барып Байтуллаҳты қылың зыярат.
🌟🌙 Баратуғын мәнзилиңиз болсын Фирдаўс Жәннет.
🌟🌙 Дуўада, сиз ушын қәлбим ҳәр саат.
🌟🌙 Дуўларым Аллаҳ таала қылсын ижабат.
🌟🌙 Шаңарағыңызды тәрк етпесин файыз-берекет!

🌙 🌹🥀 РАМАЗАННЫҢ ЖӘНЕ БИР ТАҢЫ МҮБӘРЕК БОЛСЫН!!!

✨✨✨
✨✨✨✨✨✨✨

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube


#таңғы_тилек

Ассаламу алайкум ўә раҳматуллаҳи ўә бәракатуҳ!

🔆 Және бир таң мүбәрек болсын!

⏳ Бүгин ҳәптениң пийшемби күни

6-Март                             2025
   6-Рамазан            1446

Шаңарағыңыздан тынышлық, қәлбиңизден үмит, әмеллериңизден жақсылық, жүзиңизден күлки кетпесин! Әмийн!


•┈⊰✿🍃🌺🍃✿⊱┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube


#namaz_waqıtları

⏰Нөкис қаласы ўақты менен
6-Март күнги намаз ўақытлары

📌«САЛМЕН ИЙШАН» ЖАМЕ МЕШИТИНДЕ ЖӘМӘӘТ НАМАЗЫ ЎАҚТЫ: 

⏰  ТАҢ — 06:50
⏰ ПЕСИН — 13:30
⏰  НАМАЗЛЫГЕР — 17:20
⏰  ШАМ — 19:02
⏰  ҚУПТАН — 21:10

Нәпил намазлары мустаҳаб болған ең абзал ўақытлары бойынша, Нөкис қаласы ўақты менен

🕕 Таҳажжуд — 05:10
🕙 Зуҳа (сәске) — 10:00
🕠 Әўўәбийн — 19:15

•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube

20 last posts shown.